Жақында  2021-2022-оқыў жылында улыўма орта билим бериў мектеплери, академиялық лицейлер ҳәм кәсип өнер мектеплери оқыўшылары арасында бир қатар пәнлер олимпиадасыныӊ IV Өзбекстан Республикалық басқышы өз жуўмағына жетти.

Онда қарақалпақстанлы оқыўшылар тәрепинен төмендегише нәтийжелер қолға киргизилди. Атап айтатуғын болсақ, Самарқанд ўәлаятында өзбек тили(мәмлекетлик тил) пәнинен Қараөзек районындағы 9-санлы мектептиӊ оқыўшысы Азиза Қайыпназарова 1-орынды, география пәнинен Нөкис қаласындағы 7-санлы мектеп оқыўшысы Венера Реймбаева 2-орынды, Наўайы ўәлаятында өткерилген олимпиадада қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен Қараөзек районындағы 1-санлы мектеп оқыўшысы Улбосын Қуўанышбаева 1-орын, Мойнақ районындағы 15-санлы мектеп оқыўшысы Аминбек Узақбаев 2-орынды, Тахтакөпир районындағы 10-санлы мектептиӊ оқыўшысы Манзура Мамбетназарова 3-орынды, қазақ тили пәнинен Қоӊырат районындағы 21-санлы мектептиӊ оқыўшысы Азира Қуралбаева 2-орынды ийелеўге миясар болды.

Сондай-ақ, химия пәнинен Қоӊырат районындағы 36-санлы мектеп оқыўшысы Севара Сапарбаева ҳәм  50-санлы мектептиӊ оқыўшысы Жасур Фархадовлар жоқары орынларды ийелеп, Taшкент Фармацевтикалық тәлим ҳәм изертлеў институтына имтихансыз контракт тийкарында оқыўға қабылланыў сертификатын, информатика пәнинен Төрткүл районындағы 13-санлы мектеп оқыўшысы Нуратдин Самандаров, Қоӊырат районындағы 1-санлы мектептиӊ оқыўшысы Айдос Жуманазаров, Нөкис қаласындағы Президент мектеби оқыўшысы Назербай Жийенбаевлар Taшкент әмелий пәнлер университетине имтихансыз кириў сертификатын қолға киргизди.

Жеӊимпаз оқыўшылар Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниӊ арнаўлы Дипломлары, бир мәртелик ақшалай сыйлықлары, ўәлаятлар ҳәкимликлери ҳәм қәўендер шөлкемлердиӊ баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы