Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы департаменттиң Беруний районы бөлими ҳәм районлық Ишки ислер бөлими  хызметкерлери тәрепинен  өткерилген оператив илаж  даўамында  алкоголь өнимлерин ислеп шығарып атырған жасырын цех анықланды.

Атап айтқанда, пуқара У.Г. өзиниң үйинде жасырын цех ашып, жасалма акциз маркалы алкоголь өнимлерин ислеп шығарып атырғаны  белгили болды. Илаж даўамында оның үйинен 4861 дана жасалма акциз марка, 403 дана жасалма усылда таярланған «Қаратаў» алкоголь өними, сыйымлылығы 1 литр ыдыстағы 191 дана спирт, штрих кодлы этикеткалар ҳәм ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын басқа да материаллық байлықлар айғақлы дәлил сыпатында алынды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 176-статьясы (қәлбеки пул, акциз маркасы ямаса баҳалы қағазлар таярлаў, оларды өткериў) менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги