Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы – 85 жаста

Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы шөлкемлестирилгенине 85 жыл толды. Бул көркем өнер дәргайы өзбек ҳәм дүнья музыкасын үгит-нәсиятлаў, тараў ушын жоқары интеллектуаллық потенциаллы, қәбилетли сазенделерди жетистириўде әҳмийетли роль атқармақта.

Пайтахтымызда бул жоқары музыка оқыў дәргайы шөлкемлестирилгениниң 85 жыллық юбилейи ШБШға ағза мәмлекетлер музыкалық жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының биринши форумы менен сәйкес түрде өткерилди. Оның шеңбериндеги әнжуман, дөретиўшилик сөйлесиў ҳәм ушырасыўлар, ири форумлардың өзине тән жуўмағы сыпатында ашық аспан астындағы концерт илаж қатнасыўшылары, елимизде жумыс алып барып атырған сырт елли дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, музыкатаныўшылар, композиторларды өзине тартты.

Мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы шөлкемлестирилгенине 85 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары – Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.

Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы  орынлы түрде Орайлық Азиядағы ең әййемги жоқары музыка билимлендириўи мәкемеси екенлигин атап өтиў керек. Бул билим дәргайы көп жыллар даўамында региондағы бирден-бир музыка жоқары билимлендириў мәкемеси болған. Консерватория тарийхы жүдә бай ҳәм мазмунлы. Бул жерде Өзбекстан музыка мәдениятының көплеген белгили ғайраткерлери, профессионал көркем өнер ҳәм музыка илиминиң көрнекли ўәкиллери ислегени дыққатқа ылайық.

Өткен жыллар даўамында бул жоқары билимлендириў дәргайында миллий ҳәм жәҳән музыка көркем өнерин толық үйрениў, үгит-нәсиятлаў, бул бағдарда терең изертлеўлер алып барыў бойынша өзине тән платформа жаратылды, десек алжаспаймыз. Устаз композиторлар Мухтар Ашрафий, Юнус Ражабий, Георгий Мушель, Турғун Алиматов, Зоҳид Ҳақназаров, Офелия Юсуфова, Саодат Қобулова, Илёс Акбаров ҳәм және көплеген пидайы музыкашыларымыз, илимпазларымыз бул билим дәргайының абырайын арттырыўда, жаңа қәбилет ийелерин анықлаўда ҳәм ашыўда мүнәсип үлес қосты.

Бул жоқары оқыў орнын тамамлаған қәнигелер, музыкашылар, дирижёрлар классикалық ҳәм миллий музыка тараўында елимизде және көплеген сырт мәмлекетлерде нәтийжели педагогикалық, дөретиўшилик жумыс алып бармақта. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының талаплары дүньядағы абырайлы халықаралық таңлаўлар, көркем өнер фестивальларында табысларға ериспекте.

Кейинги жылларда мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жаңа бағдарда билим беретуғын бир қатар музыкалық жоқары оқыў орынлары шөлкемлестирилди, әмелдегилериндеги шараятлар заман талаплары дәрежесине келтирилмекте.

Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институты, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы жанындағы Батыр Закиров атындағы Миллий эстрада көркем өнери институты ҳәм басқа да бир қатар көркем өнер билимлендириў дәргайлары, әне, усы жоқары оқыў орны негизинде пайда болған ағартыўшылық негиз тийкарында қәлиплести, десек қәтелеспеймиз.

ШБШға ағза мәмлекетлер музыкалық жоқары оқыў орынлары ректорларының биринши форумының қатнасыўшылары Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы мысалында елимизде музыка билимлендириўине қаратылып атырған әмелий итибар менен танысты. Айтып өтиў керек, бул форумның өткерилиўи Өзбекстан музыка билимлендириўиниң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығып, шериклер менен биргеликте билимлендириў системасында заманагөй бағдарлар ашыў, ШБШ мәмлекетлери оқытыўшыларының жоқары оқыў орынлары арасында маманлығын ҳәм тәжирийбесин арттырыў, дослық байланысларын беккемлеў имканиятын бергени менен әҳмийетли болғаны анық.

…Классикалық музыканың сыйқырлы намалары жаңлайды. Ашық аспан астында өткерилген музыкалық илажда жәҳән ҳәм өзбек композиторларының ең сайланды шығармалары мийманлар, көркем өнер ықласбентлериниң итибарына усынылды.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Абдужаббор Абдувоҳидов, Ҳайриддин Султонов қатнасты.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы