Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-августтағы 5227-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген ҳәм Орайлық Азияда бирден-бир болған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар Академиясы вакант лаўазымларына төмендеги бағдарлар бойынша профессор ҳәм оқытыўшыларды таңлаў тийкарында жумысқа шақырады:
– «Жаңа Өзбекстан» стратегиясы;
– Жоқары математика;
– Физика;
– Химия;
– Экология ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў;
– Бағдарлар тарыйхы ҳәм халықаралық тәжирийбе;
– Турақлы раўажланыўдың социаллық тәреплери;
– Ҳуқық;
– Социаллық жумыс;
– Социаллық қорғаўға мүтәж халық пенен ислесиў;
– Экономика;
– Өмир ҳәрекети қәўипсизлиги;
– Психология;
– Этика ҳәм сөйлеў мәденияты;
– IT технологиялар.
Ҳүжжетлер 2022-жыл 25-июньға шекем Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, “Алишеробод” МПЖ, Миллий бағ көшеси, 7-жай мәнзили яки https://atso.mdg.uz электрон мәнзили арқалы қабыл етиледи.
Профессор-оқытыўшылар таңлаў комиссиясының сәўбети жуўмағына бола таңлап алынады.
Қосымша мағлыўматларды (71) 265-01-64, (71) 265-01-54 телефон номерлери яки https://atso.mdg.uz веб-сайты арқалы алыўыңыз мүмкин.
* * *
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар Академиясы 2022-2023-оқыў жыллары ушын күндизги тәлимниң бакалавр бағдары бойынша абитуриентлер қабыллайтуғынын жәриялайды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-августтағы 5227-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген ҳәм Орайлық Азияда бирден-бир болған бул мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемеси мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар тараўында жоқары мағлыўматлы жетик кадрларды таярлап береди.
Сондай-ақ, 2022-2023-оқыў жылынан баслап Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар Академиясының “Мийнет тараўын басқарыў” факультетине:
– Мийнетти қорғаў ҳәм санаат қәўипсизлиги (тараўлар бойынша);
– Өмир ҳәрекети қәўипсизлиги;
– Инсан ресурсларын басқарыў;
– Жәмийетлик жумыс;
– Психология;
– Менеджмент;
– Юриспруденция бағдарларында билим алыў ушын талабанлар қабыл етиледи.
Академияда оқыў өзбек ҳәм рус тиллеринде төлемли-контракт тийкарында алып барылады. Оқыў мүддети 4 жыл.
Қабыллаў ушын абитуриентлер төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы тийис:
- Ректордың атына арза;
- Паспорт нусқасы;
- Орта арнаўлы мағлыўматы ҳаққында диплом яки 11-классты питкергенлиги ҳаққындағы аттестатының нусқасы;
- Абитуриенттиң 3х4 көлемдеги фотосүўрети.
Ҳүжжетлер 2022-жыл 20-июньнен 20-августқа шекем Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, “Алишеробод” МПЖ, Миллий бағ көшеси, 7-жай мәнзили яки https://atso.mdg.uz электрон мәнзили арқалы қабыл етиледи.
Қабыллаў процесслери ҳаққындағы толық мағлыўматларды (71) 265-01-64, (71) 265-01-54 телефон номерлери ҳәм https://atso.mdg.uz веб-сайты арқалы алыўыңыз мүмкин.