Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Екинши жер жүзилик урыс ветеранлары, фашистлер концлагерлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген пуқаралар, кекселер, майыплығы болған шахсларды мәнзилли социаллық қорғаўды күшейтиў, оларға көрсетилип атырған социаллық хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў және бул пуқараларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың ашық-айдын ҳәм нәтийжели механизмлерин енгизиў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

1941-1945-жыллардағы урыс ветеранлары, фашистлер концлагерлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген пуқараларға, кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға бийпул жеткерип берилетуғын азықаўқат өнимлери және гигиена товарларының орнына ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында қосымша төлем (кейинги орынларда – қосымша төлем) төлеп барылады;

1941-1945-жыллардағы урыс ветеранлары, фашистлер концлагерлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген пуқараларға бийпул жеткерип берилетуғын зәрүр кийимкеншек ҳәм аяқ кийимлердиң орнына кийимкеншек сатып алыўға ҳәр жылы август айында базалық есаплаў муғдарының 15 есеси муғдарында төленетуғын компенсация (кейинги орынларда – компенсация) енгизиледи;

Онда, қосымша төлем Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги тәрепинен пенсияларды ҳәм напақаларды тайынлаўға жуўапкер болған шөлкемге басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз баслы кекселер ямаса майыплығы болған шахслар ҳаққында берилетуғын мағлыўматлар тийкарында әмелге асырылады.

Компенсация ҳәм қосымша төлемлер усы бәнтте келтирилген шахсларға, олардың пенсиялары ҳәм напақалары төленетуғын тәртипте төленетуғыны белгиленсин.

  1. Қосымша төлем ҳәм компенсацияларды қаржыландырыў төмендегилер:

а) Пенсия қоры есабында турған пенсия ҳәм напақа алыўшыларға:

қосымша төлемлер – Пенсия қорының қаржылары;

компенсациялар – Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қаржылары;

б) Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жадайлар министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Жоқарғы суд, Конституциялық суд, Судьялар жоқары кеңеси, Бас прокуратура, Электрон технологияларды раўажландырыў орайы, Миллий гвардия ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен тайынланған пенсия ҳәм напақа алыўшыларға қосымша төлемлер ҳәм компенсациялар усы министрлик ҳәм уйымларға ажыратылған бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылсын.

  1. Қаржы министрлиги усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған қаржылар 2022-жылғы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде 1941-1945-жыллардағы урыс ветеранлары, фашистлер концлагерлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген пуқараларға, сондай-ақ, басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға бийпул жеткерип берилетуғын азық-аўқат өнимлери, гигиена товарлары ҳәм кийим-кеншеклер ушын нәзерде тутылған қаржылардың шекленген муғдарлары шеңберинде ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети , Жаслар ислери агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы қарардың 1-бәнтинде келтирилген жеңилликли категориядағы шахсларға жергиликли бюджет, «Сақаўат ҳәм көмек» коры, «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларды қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң дизимине киргизилген ҳаял-қызларды қолап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қосымша түрде материаллық жәрдем ҳәм социаллық жәрдем көрсетип барыўды тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба қоммуникациялар агентлиги усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпалары баспа ҳәм электрон мәлимлеме қуралларында, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы халықтың арасында турақлы, системалы ҳәм кең көлемде сәўлелендирип барылыўын тәмийинлесин.
  4. Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 8-июнь