Бүгинги күни экономикамызды буннан былай да раўажландырыў, заманагой техника ҳәм жоқары технологиялар менен үскенеленген жаңа кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәм реконструкциялаў ушын  инвестицияларды тартыў айрықша әҳмийетке ийе.

Өндиристе жетекши кәрханалардан бири есапланған «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы 2022-2025-жылларда кальцийлестирилген сода ислеп шығарыўды жылына 450 мың тоннаға жеткериў бойынша инвестиция жойбарын әмелге асырыў мақсетинде кең көлемли жумысларды баслап жиберди.

Усы жойбарды әмелге асырыў ушын Президентимиздиң 2019-жыл 3-апрельдеги «Химия санаатын буннан былай да реформалаў ҳәм оның инвестициялық тартымлылығын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде кәрхананың өндирислик қуўатлылығын арттырыў жойбарын әмелге асырыў ушын тендер өткерилип, онда Россияның «Салюс» компаниясы жеңимпаз деп табылды.

Жумысты бөлип алып ислеўши өз жумысын сапалы, исенимли ҳәм өз ўақтында жуўмақлап, белгиленген мүддетте тапсырыў бойынша компанияның ўәкиллери менен бир нешше рет ушырасыўлар өткерилип, жойбарды әмелге асырыўдың ҳәр бир қәдеми додаланып, келисимге ерисилди. Ҳәзир жойбар қурылысының топографиялық сүўретлери ҳәм координаталары бас жумысты бөлип алып ислеўшиге усынылып, қурылыс майданында гидрогеология жумыслары ақырына жеткерилди.

Қурылыс майданы бас жумысты бөлип алып ислеўшиге толығынша усынылыўы ушын жойбар майданына жер ажыратыў ҳәм сыртқы инженерлик коммуникацияларды (тәбийғый газ, суў тәмийнаты ҳәм электроэнергия) тартып келиў ҳәм иске қосыў жумысларын әмелге асырыў илажлары ислеп шығылып, тастыйықланды. Бул бағдарда жақында ғана, яғный усы жылдың 20-май күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ««Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында 2022-2025-жылларда кальцийлестирилген сода ислеп шығарыўды жылына 450 мың тоннаға жеткериў бойынша инвестициялық жойбарды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тастыйықланып, онда кәрханаға 76,6 гектар жер майданы ажыратылды.

Жойбардың иске түсирилиўи менен кәрханада ислеп шығарыў көлеминиң кеңейиўи нәтийжесинде 300 жаңа жумыс орнының жаратылыўы,  өз гезегинде жумысшылар ушын жаңа турақ жай имаратлары, сыртқы инженерлик коммуникация тармақлары, автомобиль жоллары қурылып, халық жумыс ҳәм турақ жай менен тәмийинленеди.

Елимизге рәсмий сапар менен келген Россия Федерациясы Свердловск ўәлаяты вице-губернаторының басшылығындағы бизнес ўәкиллери менен болған ушырасыўда, «Салюс» компаниясы ҳәм «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы бас директорлары тәрепинен жойбарды әмелге асырыў ушын еки тәреплеме бирге ислесиўдиң кейинги басқышына старт берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы