Бурын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы» китабы «Қарақалпақстан» баспасынан   қарақалпақ тилинде басып шығарылған.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында усы китаптың презентациясы бойынша руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық илажы болып өтти.

Онда республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы К.Реймов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылары аўқамының ағзасы, шайыр Р.Отарбаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх факультетиниң оқытыўшысы А.Оразбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң бул шығармасының мазмун-мәнисине, оның елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўдағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Бүгин Президентимиздиң басшылығында дүньяның ең алдыңғы мәмлекетлери қатарынан турақлы орын ийелеў, тыныш ҳәм абадан келешектиң тийкарын беккемлеў мақсетинде жедел реформалар әмелге асырылып, жаңаланыўлар даўам етпекте. Инсанға ҳүрмет, патриотлық идеялары әтирапында сәўлеленген бул процесслерди кең халық қатламына жеткериў, жасларымыздың санасына сиңдириў, руўхыйлық-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған үгит-нәсият жумысларын жетилистириў бүгинги күнниң әҳмийетли талабы болып табылады.

Бунда Президентимиздиң жақында ғана қарақалпақ тилинде басып шығарылған «Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы» китабы айрықша әҳмийетке ийе екенлиги айрықша атап өтилди. Китапта бүгинги күни елимизде  Жаңа Өзбекстанды  ҳәм Үшинши Ренессанс иргесин қалаў бойынша әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислер ҳәм реформалардың мақсети, мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетли бағдарлары, елимиздиң заманагөй демократиялық  көриниси қалай жаратылып атырғаны, мәмлекетимизди жаңа раўажланыў басқышына көтериў ушын белгилеп алынған стратегиялық жол, миллий раўажланыўымыздың келешеги ҳаққында сөз жүргизиледи.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы