Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-июнь күни таңда, Үргенш қаласына кетиўден алдын Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң әмелдеги баслығы, Польша сыртқы ислер министри Збигнев Рауды қабыллады.

Өзбекстан ҳәм ЕҚБШ арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де раўажландырыў, Өзбекстан-Польша қатнасықларын кеңейтиў мәселелери ҳәм әҳмийетли халықаралық күн тәртиби көрип шығылды.

Кейинги жыллары ЕҚБШ менен шерикликте сапа жағынан жаңа дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Шөлкем жумысының үш бағдарында да ашық ҳәм нәтийжели сөйлесиўдиң жолға қойылғаны, жоқары дәрежеде белсене сөйлесиў ҳәм алмасыўлардың әмелге асырылып атырғаны, қабыл етилген «жол картасы»на муўапық биргеликтеги илажлардың табыслы өткерилип атырғаны буннан дәрек бермекте.

ЕҚБШ баслығы Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпас реформалар стратегиясы берип атырған нәтийжелерди және мәмлекетимиздиң прагматикалық сыртқы сиясаты, бәринен бурын, Орайлық Азияда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм исеним қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

Мәмлекетимиз ҳәм усы абырайлы халықаралық структураның барлық институтлары арасындағы әмелий бирге ислесиўди күшейтиў, демократиялық жаңаланыўларды, соның ишинде, конституциялық реформаны экспертлик жақтан қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў, шөлкемниң Парламент ассамблеясы шеңбериндеги бирге ислесиўди беккемлеў тийкарғы әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Экономика ҳәм экология бағдарлары ҳаққында сөз болып, «жасыл» раўажланыў, санластырыў, жумыс орынларын жаратыў ҳәм исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў, тәбиятты қорғаў бойынша, соның ишинде, Аралбойы регионында әҳмийетли илажларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық сиясат, соның ишинде, Европа аўқамы менен көп тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў, Аўғанстанда тынышлықты тәмийинлеў ҳәм оның социаллық-экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Өзбекстан жетекшиси Өзбекстан-Польша әмелий бирге ислесиўин кеңейтиў перспективаларына айрықша тоқтап өтти.

Атап айтқанда, өткен жылы еки тәреплеме товар алмасыў үштен бир бөлимге, усы жылдың басынан берли дерлик 50 процентке көбейди. Польшаның жетекши компаниялары менен биргеликте аўыл хожалығы, азық-аўқат, химия, электротехника ҳәм басқа да тармақларда бир қатар қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.

Әҳмийетли гуманитарлық бағдарламалар әмелге асырылмақта, соның ишинде, елимизде Варшава менеджмен университетиниң филиалы өз жумысын баслады.

Ушырасыўда исбилермен топарлар арасында тиккелей байланысларды жолға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Мырза Збигнев Раунның Өзбекстанға сапарының жуўмақлары бойынша биргеликтеги «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

ӨзА