Шоманай районлық Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Тил миллеттиң руўхый байлығы» атамасында билимлендириў мәкемелери оқыўшылары арасында таңлаў өткерилди.

Таңлаўға районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 29 улыўма орта билим бериў мектеби ҳәм кәсип-өнер мектеби оқыўшылары  қатнасты.

Жарыс соңында 1-санлы улыўма орта билим бериў мектеби 1-орынды, 33-санлы қәнигелестирилген мектеп 2-орынды, 16-санлы ҳәм кәсип-өнер мектеплери 3-орынларды жеңип алыўға миясар болды.

Бүгинги күнде районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 33 мектепте 7555 оқыўшы билим алмақта.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги