Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2020-жыл   20-октябрь күнги “Мәмлекетимизде өзбек тилин буннан былай да раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-6084-санлы Пәрманы,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының “Қарақалпақ тилин буннан былай да раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 410-санлы қарары,  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 16-декабрь күнги 11-07/5-12/395-санлы хаты ҳәм район ҳәкимлигиниң 2021-жыл 20-декабрь күнги илажлар режесиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кегейли районында жайласқан хызмет көрсетиўши жеке кәрханалар ҳам жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерде мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи, сыртқы ҳәм ишки жазыўлар, баннерлер ҳәм басқа да хабар текстлериниң жағдайы жумысшы топар тәрепинен үйренип шығылды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2016-жыл 10-июнь күнги қабыл еткен қарары тийкарында «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Нызамға өзгерис киргизилди. Бул бойынша район көлеминде бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Жоқарыда көрсетилген Нызам тийкарында районда жайласқан хызмет көрсетиўши жеке кәрханалар ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерди үйрениў нәтийжесинде төмендегилер анықланды: Район орайында жайласқан Гулназ Ешбаева басқарған “ГУЛДАНА” гөззаллық салоны имаратына «Кулак тесемиз», «Каска растушовка ислеймиз» сөзлерин дурыс ҳәм латын графикасына тийкарланған қарақалпақ тилинде жазыў бойынша мәсләҳәтлер берилди. Сондай-ақ, исбилермен Саламат Сулайманов басқарған темир буйымларын ислеў цехында «сварочный цех», «темир буйымларына заказ аламыз» сөзлерин өзгертиў бойынша түсиник берилди. «Мега Кегейли Строй» ЖШЖда ис басқарыўшысы Халмуратов Шамуратқа ҳәм басқа да исбилерменлерге мәмлекетлик тилде дурыс ҳәм анық жазыў бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

* * *

Қанлыкөл районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайында мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи, сыртқы жазыўлар, рекламалар басқа да хабар текстлериниң мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам талапларына муўапықлығы жумысшы топар тәрепинен үйренип шығылғанда, орайда ис жүргизиў ҳүжжетлери, сыртқы жазыўлар,  реклама ҳәм дағазалар, көргизбели хабарландырыў текстлеринде «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы ҳәм «Реклама ҳаққында»ғы Нызам ҳүжжетлерине әмел етиў менен бирге, қәте-кемшиликлерге де жол қойылғанлығы анықланды.

Мәкемениң атамасы жазылған жерде “Бәнтлик” сөзи латын жазыўында “Бәндлик” болып қәте жазылған. Орайдың хатлар бланкасы бөлим хызметкерлери тәрепинен ҳәр түрли үлгиде исленген. Өзбек тилинде жазылған хатлар бланкаларында “Қонликўл” жазыўы “Қонликул” болып қәте жазылған. Бундай кемшиликлер өз гезегинде мәкемеде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 4-статясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамының 1-статясы талапларының орынланбай атырғанлығын көрсетеди. Бөлимниң буйрық ҳәм қатнас хатларында, кирис-шығыс ҳүжжетлерин дизимге алыў журналында бир қанша имла ҳәм пунктуациялық қәтелер анықланды. Атап айтқанда, ҳүжжетлердиң көпшилиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарары тийкарында 2016-жылы 10-июнь күни «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Нызамына өзгерис киргизилген болса да, бөлимге тийисли ҳүжжетлер 2009-жыл 8-октябрьде қабыл етилген латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбеси тийкарында жазылған. Ҳүжжетлер кирилл жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесинде жүргизилген жағдайларда ә, ө, қ, ғ, ң, ү, ў, ҳ ҳәриплериниң орнына басқа сести аңлатыўшы а, о, к, г, н, у, х шәртли таңбаларынан пайдаланған.

Үйрениў даўамында анықланған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдағы ўақытларда жол қоймаў бойынша мәкемениң жуўапкер хызметкерлерине усыныслар берилди.

* * *

Жумысшы топар тәрепинен Тахтакөпир районы Аўыл хожалығы бөлиминиң ис жүргизиў ҳүжжетлери, ишки ҳәм сыртқы жазыўлары, рекламалар ҳәм басқа да хабарландырыў текстлериниң мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам талапларына муўапықлығы үйренилип, бул мәкемеде де ис жүргизиў ҳүжжетлери,  сыртқы жазыўлар, реклама ҳәм дағазалар, көргизбели хабарландырыў текстлериниң «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы ҳәм «Реклама ҳаққында»ғы Нызам ҳүжжетлерине әмел етиў бағдарында белгили дәрежеде жумыс алып барып атырғаны менен айырым қәте-кемшиликлер де ушырасты.

Атап айтқанда, мәкемениң атамасы жазылмаған ҳәм бирде-бир баннер қыстырылмаған. Бланкалар, буйрықлар қарақалпақ тилинде жазылмаған.

* * *

Хожели районының мәкеме, шөлкем ҳәм кәрханаларындағы ис қағазлары, бланклери, ис жүргизиў ҳүжжетлери, ишки ҳәм сыртқы жазыўлар, рекламаларды үйрениў барысында анықланған кемшиликлер атап өтилип, жумысшы топар тәрепинен ис жүргизиў ҳүжжетлери, ишки ҳәм сыртқы жазыўлар, рекламалар ҳәм басқа да хабарландырыў текстлериниң мәмлекетлик тилде жазылыўы бойынша тусиник жумыслары алып барылды.

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги