Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети тәрепинен республикамызда жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниӊ қатнасында Қанлыкөл районлық медицина бирлеспесине медиатур шөлкемлестирилди.

Онда Бирлеспе бас шыпакери Дилбар Нурымбетова тәрепинен районда бүгинги күни медицина тараўында жүз берип атырған жаӊаланыў ҳәм өзгерислер туўралы журналист ҳәм блогерлерге кеӊ түрде түсиниклер берилип, районлық көп тармақлы поликлиника ҳәм емлеўхананыӊ бир қанша бөлимлериниӊ ишки мүмкиншиликлери, наўқаслар ушын жаратылған шараятлар менен таныстырылды.

―Көп тармақлы поликлиникамызда жақында балалар бөлими ашылып, онда 4 койка күндизги стационар шөлкемлестирилди,-дейди бизге бирлеспе баслығыныӊ аналықты ҳәм балалықты қорғаў мәселелери бойынша орынбасары Дарийха Бекбергенова.-Онда емлеўханада жатып емлениў мүмкиншилиги жоқ 18 жасқа шекемги балалар емленбекте. Сондай-ақ, Президентимиздиӊ арнаўлы қарары тийкарында 2021-жылдыӊ май айынан баслап 124 түрдеги дәри-дәрмақлар емлениўшилерге бийпул берилмекте. Бул болса, халқымыз ушын үлкен жәрдем болды.

Соныӊ менен бирге медиатур қатнасыўшылары район орайында жақында ашылған «Рано» жеке меншик клиникасы ҳәм «Нийетулла» шаӊарақлық кәрханасыныӊ жумыслары менен танысып, жуўапкер ўәкиллерден өзлериниӊ қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы