Тәжикстан басшысы Эмомали Раҳмон Президент Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Үргенш қаласындағы «UzXCMG» қоспа кәрханасына барды.

Өзбекстан ҳәм Қытай менен биргеликте бул кәрхана 2014-жылы шөлкемлестирилген. Жойбардың биринши басқышында аўыл хожалығы техникаларын ири буўынлы жыйнаў, екиншисинде санаат усылында жыйнаў, үшиншисинде болса өндиристи локализациялаў жолға қойылды.

Ҳәзирги күнде бул жерде 13 түрдеги экскаватор, 10 түрдеги арнаўлы техника ислеп шығарылмақта. Суў хожалығы, қурылыс ҳәм жол оңлаў тараўлары ушын оғада зәрүр болған бундай техникалар алдын валюта есабынан алып келинетуғын еди. Аўысық бөлеклер тәмийнаты ҳәм сервисте көп қыйыншылықлар бар еди.

Қоспа кәрхананың иске қосылыўы бул зәрүрликти шешиў менен бирге ўәлаяттың экономикалық потенциалын жоқарылатыў, елимиздеги ирригация ҳәм мелиорация илажларын өз ўақтында орынлаў имканиятын бермекте.

Усы күнге шекем кәрханада халықаралық стандартлар тийкарында 2 мыңға шамалас арнаўлы техника ислеп шығарылған. Локализациялаў дәрежеси 50 проценттен артқан. Енди өнимлерди сырт елге, соның ишинде, қоңсы мәмлекетлерге экспорт етиў режелестирилген. Экскаватор ҳәм арнаўлы техникалар буйыртпа тийкарында ислеп шығарылыўы да мүмкин.

Тәжикстанлы мийманлар заводдағы жумыс процесин, аўыл хожалығы машиналары ҳәм арнаўлы техникаларды көзден өткерди.

ӨзА