Черешняның инсан ушын бир неше пайдалы тәреплери бар, мәселен ол денедеги витаминлердиң теңсалмақлылығын нормалластырыўға жәрдем береди. Бул ҳаққында терапевт Инна Михайлова хабар берди.

«Черешня калий дәреги болып, қан басымын нормада услап турады. Калий, өз гезегинде, организмдеги суйықлық теңсалмақлылығында әҳмийетли роль атқарады ҳәм метаболистлик процесслерди жақсылайды. Сондай-ақ, черешняда оғада көп темир элементи бар, бул сизге кемқанлық пенен тез гүресиўге имканият береди», – деп түсиндирди шыпакер.

Шыпакердиң қосымша етиўинше, черешняның қурамында Б витамини бар, ол аўыр жөтелди емлейди ҳәм астма белгилерин жоқ етеди.

Бирақ, айырым адамлар черешнядан пайдаланбаўы керек. Мәселен диабет пенен гүресип атырған адамларға бул мийўеден пайдаланбаў усыныс етилмейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги