Бүгин, 3-июнь күни Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Шерзод Шерматов фрилансерлер менен Ашық-айдын сөйлесиў өткерди.
Онда бүгинги күнде фрилансерлер бир айда қанша ақша таба алатуғыны мәлим етилди.
– Программаластырыў: 1 500 доллар
– Аўдармашылық: 500 доллар
– Видео/аудио редактор: 2 000 доллар
– Дизайнер: 2 000 доллар
– Копирайтер: 750 доллар
– СММ: 750 доллар
– Мағлыўматлар киргизиўши: 750 доллар
– Онлайн консультант: 1000 доллар
– Бухгалтер: 750 доллар
Алдынырақ, МКТ министри фрилансингтен табылған дәраматты банкте есапбет ашқан ҳалда шешип алыў оғада қолайлы екенин айтып өткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги