Өзбекстанлылар ушын 2022-жыл Ҳаж мәўсимине 10 мыӊ 865 квота ажыратылады. 2019-жылы бул көрсеткиш 7 200 еди.
Бир адамға Ҳажыға барыў баҳасы 62 миллион 900 мыӊ сум етип белгиленди.
Дин ислери бойынша комитеттиӊ хабар бериўинше, Ҳажы әмеллерин шөлкемлестириўши мәкемелердиӊ хызметлерине 2022-жылда жаӊа мәжбүрий төлемлер енгизилген. Сонлықтан дүнья еллери ушын ҳажы хызметлериниӊ баҳасы орташа 40-45 процентке көтерилген.
Т.Хожаниязов,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары 3-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги