Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон 2-июнь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықлары тек ғана қоңсы емес, ал әсирлер даўамында туўысқан болып, бир булақтан суў ишип, бир ҳаўадан нәпес алып, бирден-бир аспан астында дөретиўшилик жумыслар менен шуғылланып келген, жақсы-жаман күнлерде ийинлес турып, қыйыншылықларды жеңип өткен. Бир дин, уқсас мәденият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер бир-бирин беккем байланыстырып турады.

Президентлердиң сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлеп жүргизип атырған әдил сиясаты себепли кейинги жылларда мәмлекетлеримиздиң көп қырлы бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилди, халықларымыздың дослығы беккемленди.

Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Шавкат Мирзиёев күтип алды. Жетекшилер арасында қысқаша сәўбет болып өтти.

Кейин ала Тәжикстан Президенти «Жаңа Өзбекстан» бағына келип, Ғәрезсилик монументине гүл қойды. Мийманға комплекстиң мазмун-мәниси ҳәм архитектуралық өзгешеликлери ҳаққында айтып берилди.

Мәмлекетимизге келген жоқары дәрежедеги мийманлар тәрепинен бул монументке гүл қойыў мәресими дәстүрге айланғанын атап өтиў керек.

Көксарайда Тәжикстан Республикасы Прездентин рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Эмомали Раҳмон минберге көтерилди. Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Ҳүрметли қараўыл мәмлекет басшылары алдынан салтанатлы жүрип өтти.

Мәресимде еки мәмлекеттиң рәсмий делегацияларының ағзалары қатнасты.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен кейин Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Мәмлекет басшылары дос халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларына тийкарланған өз-ара пайдалы Өзбекстан – Тәжикстан бирге ислесиўин және де кеңейтиў мәселелерин додалады.

Сөйлесиўлерде тийкарғы итибар еки тәреплеме байланысларды беккемлеў, сиясий, парламентлераралық, саўда-экономикалық, транспорт-логистика, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң күн тәртибин түп-тийкарынан кеңейтиў мәселелерине қаратылды.

Кейинги алты жылда бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында жетискенликлерге ерисилди. Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде ерисилген келисимлер табыслы әмелге асырылмақта. Еки мәмлекеттиң ҳүкиметлери, министрликлери ҳәм уйымлары, аймақлары арасында турақлы алмасыўлар жолға қойылған.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон көп қырлы Өзбекстан – Тәжикстан стратегиялық шериклигин буннан былай да раўажландырыў жолынан исенимли баратуғынын тастыйықлады.

Мәмлекет басшылары саўданы жедел кеңейтиў ҳәм санаат кооперациясын күшейтиў, еки мәмлекеттиң логистика ҳәм транзит имканиятларын раўажландырыў ҳәм суў энергетикасы жойбарларын әмелге асырыў арқалы мүнәсибетлерин жаңа әмелий мазмун менен байытыўға таяр екенин билдирди.

Регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртиби бойынша пикир алысылды, Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги өз-ара пайдалы бирге ислесиўди даўам еттириўге тәреплердиң умтылысы исенимли екени атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның сөйлесиўлери еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти.

Өзбекстан басшысы көп қырлы бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында үлкен табысларға ерисилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтип, Тәжикстан бизиң жақын қоңсымыз, садық достымыз, дәўир сынағынан өткен исенимли стратегиялық шеригимиз екенин атап өтти.

Президентимиз өз-ара пайдалы ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз мәпи жолында буннан былай да беккемлеўге таяр екенин билдирди.

Кейинги жылларда еки тәреплеме бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлести. Товар алмасыў 600 миллион долларға жетти. Қоспа кәрханалардың саны 10 есеге артты.

Күни кеше өткен Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм бизнес форумның табыслы нәтийжелери – 1 миллиард доллар муғдарында жаңа келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Транспорт, аймақлараралық бирге ислесиў, парламентлераралық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар бағдарында да әҳмийетли нәтийжелерге ерисилди.

Еки мәмлекет пайтахтлары Ташкент ҳәм Душанбе қалалары, Сурхандәрья ҳәм Хатлон ўәлаятлары ҳәм Ташкент, Ферғана, Самарқанд ҳәм Соғд  ўәлаятлары арасында нәтийжели байланыслар жолға қойылған. Бул сапар етиў шеңберинде бирге ислесиў бойынша «жол картасы»н Жиззақ ҳәм Соғд ўәлаятлары да қабыл етти.

Президентлер дос мәмлекетлеримиз арасындағы экономикалық шериклик тийкарғы әҳмийетке ийе екенин, саўда көлеми ҳәм номенклатурасын есесине арттырыў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтти.

Машина қурылысы, электротехника, тоқымашылық, былғары, фармацевтика, азық-аўқат, агросанаат, таў-кән, металлургия ҳәм басқа тармақларда жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен перспективалардың бар екени атап өтилди.

Өзбекстан – Тәжикстан инвестициялық компаниясының потенциалын жедел иске қосыў арқалы аймақлараралық ҳәм санаат кооперациясы жойбарларын әмелге асырыў әҳмийетли екени көрсетип өтилди.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеў ҳаққында келисимлерге ерисилди. Президентлер илим, билимлендириў, көркем өнер, кино ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўге итибар қаратыў зәрүр екенин атап өтти. Жаслардың интеллектуаллық потенциалын раўажландырыў ҳәм мәнәўиятын арттырыў тийкарғы бағдар сыпатында атап өтилди.

Жетекшилердиң мәмлекетлеримиз арасындағы мәңги дослықты беккемлеў ҳәм аўқамласлық қатнасықларын орнатыў бойынша тарийхый қарар қойылған мақсетлерге ерисиўде әҳмийетли фактор болады.

Атап өтилгениндей, Тәжикстан Президентиниң дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 30 жыл толатуғын усы жылы өтип атырған бул сапары дос халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары беккемленгенин айқын тастыйықлады

Тәжикстан Президентиниң сапар етиўи шеңберинде Зарафшан дәрьясында Яван гидроэлектр станциясының қурылысын баслаў мәресими болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Эмомали Раҳмон рәмзий түймени басып, қурылысқа старт берди.

Бул имарат энергетика тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўде биринши ири жойбар болады. 140 мегаватт қуўатлылыққа ийе заманагөй станция мәмлекетлеримиздиң энергетикалық қәўипсизлиги, суў ҳәм аўыл хожалығы  турақлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Инженерлик жумыслар толық заманагөй стандартлар тийкарында, алдынғы сырт ел компанияларының қатнасыўында алып барылмақта.

Жойбарды қаржыландырыўға жетекши халықаралық институтлар, соның ишинде, Азия раўажланыў банки ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки қызығыўшылық билдирген.

Бул жойбар тармақтың илимий ҳәм өндирис потенциалын беккемлеў, мыңлаған шаңарақлар ҳәм жаңа кәрханаларды «жасыл» энергия менен тәмийинлеўге хызмет етеди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў ҳәм алмасыў мәресими болды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон тарийхый әҳмийетке ийе Мәңги дослықты беккемлеў ҳәм аўқамласлық ҳаққындағы декларацияға қол қойды.

Буннан тысқары, ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлар дәрежесинде көп қырлы Өзбекстан – Тәжикстан бирге ислесиўин және де кеңейтиўге қаратылған 11 ҳүжжетке қол қойылды.

Соның ишинде:

– Санаат кооперациясы тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм кеңейтиў бойынша «жол картасы»;

– Мәденият министрликлери арасында 2022-2023-жылларға мөлшерленген мәденият ҳәм көркем өнер тараўларындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Өзбекстанның Жиззақ ўәлаяты ҳәм Тәжикстанның Соғд ўәлаяты арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша «жол картасы»;

– Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында меморандум;

– Пиллешилик тармағында бирге ислесиў ҳаққында меморандум.

Жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын өткерилген брифингте Президентлер сөйлесиўлер ашықлық, өз-ара исеним, түсиниў ҳәм дослық руўхында өткени, қол қойылған ҳүжжетлер Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықларының мәплерине хызмет ететуғынын атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонды ҳәм усы мәмлекет делегациясы ағзаларын миймандос Өзбекстанға сапары менен қутлықлап, Тәжикстан бизлердиң әсирлер сынағынан өткен жақын қоңсымыз, садық достымыз ҳәм исенимли стратегиялық шеригимиз екенин және бир мәрте атап өтти.

– Өзбекстан халқы дос тәжик халқы менен тарийх, мәдений-руўхый мийрас ҳәм ата-бабаларымыздың жақсы дәстүрлериниң уқсас екенине тийкарланған дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын қәдирлейди. Жақты күнлерде де, сынақлы демлерде де биз бәрқулла ийинлес турғанбыз, бир-биримизди қоллап-қуўатлағанбыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз биргеликтеги ҳәрекетлер менен еки тәреплеме қатнасықларда ҳақыйқаттан үлкен шеклерге ерисиўге, оларды оғада жоқары дәрежеге көтериўге ерисилгенин атап өтти.

– Мине сол себепли бүгин ҳақыйқый тарийхый әҳмийетке ийе қарар қабыл етилди. Биз Мәңги дослықты беккемлеў ҳәм аўқамласлық ҳаққындағы декларацияға қол қойдық, – деди Шавкат Мирзиёев.

– Өзбекстан Президентиниң мәмлекетлеримиз арасындағы байланысларды раўажландырыўға қосқан жеке үлесин Тәжикстанда оғада қәдирлейди. Усы жылы октябрь айында Тәжикстан ҳәм Өзбекстан дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының отыз жыллығын белгилейди. Әҳмийетлиси, биз ушын әҳмийетли болған  мине усы жылы қатнасықларымызды аўқамласлық дәрежесине көтериў бойынша тарийхый қарар қабыл еттик, – деди Эмомали Раҳмон.

Кейинги жылларда еки тәреплеме товар алмасыў көлеми дерлик 40 есеге, усы жылдың басынан болса 35 процентке артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Усы жыл 20-июнь күнинен баслап Ташкент – Душанбе бағдарында жолаўшы поездының қатнаўы жолға қойылады.

Тәреплер жаңа транзит коридорларын қәлиплестириў ҳәм заманагөй логистика инфраструктурасын жаратыў, ҳаўа, темир жол транспорты ҳәм автобуслар қатнаўын көбейтиў, биргеликте агрокластерлер ҳәм заманагөй өндирис кәрханаларын шөлкемлестириў, мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеў ҳәм үшинши мәмлекетлер базарларына шығыўына келисип алды.

Энергетика ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бағдарында нәтийжели бирге ислесиў ушын сийрек ушырасатуғын имканиятлар бар екени атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Тәжикстан Президентиниң Музлықларды қәстерлеп сақлаў халықаралық фондын шөлкемлестириў ҳәм 2025-жылды Музлықларды қорғаў халықаралық жылы деп жәриялаў басламасы қоллап-қуўатланды.

Сөйлесиўлерде парламентлераралық сөйлесиў ҳәм халық дипломатиясын буннан былай да кеңейтиў, аймақлараралық байланысларды раўажландырыў ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

– Дос халықларымызды өз-ара байытыў ҳәм жақынластырыўға, мәмлекетлеримиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған миллетлеримиздиң көп санлы ўәкиллери бизлерди бирлестириўши фактор болып хызмет етпекте. Биз миллий мәдений орайлардың табыслы жумысы ушын буннан былай да зәрүр шараятлар жаратыўға таяр екенимизди тастыйықладық, – деди Өзбекстан Президенти.

Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәр жылы Тәжикстан пуқаралары ушын ажыратылатуғын тәлим грантларының санын көбейтпекши.

Мәмлекетлеримизде кино, мәденият күнлери ҳәм ҳәр қыйлы фестивальларды турақлы өткерип барыў даўам еттириледи.

Бизге белгили, усы жылы уллы шайырларымыз Әлийшер Наўайы ҳәм Абдураҳмон Жәмийдиң жақын дослығына бағышланған қоспа фильмди сүўретке алыў басланады.

– Ойлайман, фильмниң презентациясы мәмлекетлеримиз арасындағы дипломатиялық қатнасықлардың 30 жыллығын кеңнен белгилеў шеңберинде узақ күтилген ўақыя болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылық мәселелери бойынша да пикир алысты. Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшылары Мәсләҳәт ушырасыўларының айрықша әҳмийетин, халықаралық шөлкем ҳәм структуралар шеңберинде конструктивлик сөйлесиў ҳәм өз-ара жәрдемди даўам еттириў зәрүр екенин атап өтти.

Илаж жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның тарийхый сапар етиўиниң нәтийжелери, сөзсиз, халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық, өз-ара түсинисиў ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын және де беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Буннан кейин Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент қаласындағы Технопаркке барды.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тийкар салынған бул санаат комплексинде улыўма баҳасы 365 миллион доллар муғдарында 17 жойбар жолға қойылған. Бүгинги күнде соннан 13 и иске қосылған болып, электрон газ есаплағыш, музлатқыш, санаат кондиционерлери ҳәм суўытыў системалары, лифт ҳәм эскалаторлар, суў насослары, есик ҳәм терезелер ушын аксессуарлар соғылып атыр.

Усы жылы изоляция өнимлери, суў ысытыў үскенелери, асхана техникасы кәрханалары ҳәм логистика орайы иске қосылады.

Тәжикстанлы мийманларға Технопаркте ислеп шығарылып атырған өнимлердиң абзаллықлары ҳаққында сөз етилди.

Бул товарлар сырт ел брендлери атында ҳәм олардың қадағалаўы астында таярланатуғыны себепли өтимли. Сапа ҳәм баҳаның өз-ара қатнасы менен қоңсы мәмлекетлер базарынан да орын ийелемекте.

Президент Шавкат Мирзиёев еки мәмлекеттиң түрлес мәкемелериниң басшыларына өз-ара тығыз бирге ислесип, қоспа жойбарларды әмелге асырыў, санаат кооперациясы ҳәм саўданы кеңейтиў зәрүр екенин атап өтти.

Мәмлекетимиздиң санаат потенциалы, өнимлердиң кең ассортименти ҳәм сапасы мийманларда айрықша тәсир қалдырды.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мәмлекетимизге рәсмий сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршылары