Улыўма орта билим бериў мектеплериниң 1-классына қабыллаў процесслери 20-июньнен басланады.

Мектеплерге бириктирилген микроаймақ бойынша қабыллаў процесслери 20-июньнен 31-июльге шекем әмелге асырылады.

Әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық, улыўма билимлендииў мектеплериниң 1-класына балалар 7 жасқа толатуғын жылы қабылланады.

Қосымша мағлыўмат алыў ушын мектеп администрациясына мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Гулхатиша Уразбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары 3-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги