Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Шет тиллерин оқытыў бойынша алдыңғы сырт ел тәжирийбесин билимлендириў системасына енгизиў, шет тиллерин жетик ийелеген жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын жетилистириў және шет тиллер бойынша филологлар, педагоглар, дилмашлар ҳәм гид бирге ислесиўшилерди таярлаў системасын буннан былай да кеңейтиў мақсетинде:

  1. Әндижан қаласында Әндижан мәмлекетлик шет тиллер институты (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестирилсин.

Институт юридикалық тәреп статусына ийе болған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасында жумыс алып баратуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер Институт жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

шет тиллери тараўы бойынша жоқары мағлыўматлы, илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў;

оқыў процесинде халықаралық баҳалаў бағдарламалары (TALIS, PIRLS, PISA) ҳәм стандартларынан пайдаланыў, оқытыў ҳәм баҳалаўдың заманагөй түрлери, методлары ҳәм технологияларын енгизиў бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болған педагогларды таярлаў;

жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери менен биргеликте қоспа билимлендириў бағдарламаларын енгизиў ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў;

халықаралық тән алынған шөлкемлердиң әмелдеги рейтингинде жоқары оқыў орынлары арасында 1 000 лықта орын ийелеген сырт ел билимлендириў мәкемелериниң бағдарламасы тийкарында өз билимлендириў бағдарламаларын қәлиплестириў, жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен еркин түрде қоспа билимлендириў бағдарламаларын ҳәм илимий жойбарларды енгизиў;

билимлендириўди заманагөй педагогикалық технологиялар тийкарында шөлкемлестириў, соның ишинде, оқыў процесине санлы технологияларды енгизиў, сондай-ақ, оқыў процесин студентлерде еркин билим алыў ҳәм әмелий, соның ишинде, синхрон, көркем, избе-из ҳәм илимий-техникалық аўдарма көнликпелерин қәлиплестириўге қаратыў;

Институттың илимий-педагогикалық потенциалын арттырып барыў, соның ишинде, профессор-оқытыўшылардың стажировкасын ҳәм маманлығын арттырыўды абырайлы республикалық ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлеринде шөлкемлестириў.

  1. Төмендегилер:

Әндижан мәмлекетлик шет тиллери институтының жумысын шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

Әндижан мәмлекетлик шет тиллери институтын 2026-жылға шекем раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;

Әндижан мәмлекетлик шет тиллери институтында шөлкемлестирилетуғын бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. а) Институтта оқыў процеси 2022-2023-оқыў жылынан басланатуғыны ҳәм студентлерге еки шет тили бойынша квалификация берилетуғыны;

б) Әндижан мәмлекетлик университети ҳәм оның Педагогика институтына шет тиллер бағдарларында бакалавриат ҳәм магистратура басқышларында кадрлар таярлаў бойынша ажыратылатуғын мәмлекетлик буйыртпа квотасы 2022-2023-оқыў жылынан баслап Институтқа қаратылатуғыны;

в) Институтқа студентлерди қабыл етиў параметрлери ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы ҳәм қосымша қабыллаў параметрлери шеңберинде анықланатуғыны;

г) Институттың бакалавриат билимлендириў бағдарларына 2023-2024-оқыў жылынан баслап кириў имтиханларында пәнлер комплексиндеги шет тили пәнинен 4 көнликпени (тыңлап түсиниў, оқыў, жазыў ҳәм сөйлеў) баҳалаўға қаратылған кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилетуғыны белгиленсин. Онда:

шет тилин билиў дәрежеси В2 ҳәм оннан жоқары миллий сертификатқа ямаса оған теңлестирилген халықаралық тән алынған сертификатқа ийе болған абитуриентлерге усы пәннен оқыўға кириў сынақларына имтихансыз максимал балл бериледи;

шет тили пәнинен кәсиплик (дөретиўшилик) кириў имтиханлары Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен әмелге асырылады;

д) Институттың магистратура қәнигеликлерине кириўде шет тилди билиў дәрежеси бойынша С1 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық тән алынған сертификат ҳәм бакалавриат диплом балының орташа көрсеткиши есапқа алынады және қосымша имтиханлар өткерилмейди;

е) Институттың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қәнигелик пәнлеринен шет тилинде сабақ өтетуғын С1 дәрежесинен кем болмаған миллий ямаса оған теңлестирилген  халықаралық тән алынған сертификатқа ийе оқытыўшыларына олардың базалық тариф ставкасына  ҳәр айлық 50 процент муғдарында қосымша үстеме ҳақы төлеп барылыўы мүмкин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

а) 2022-жыл 1-июльге шекем Институтты таңлаў тийкарында әмелий тәжирийбе ҳәм (ямаса) илимий дәрежеге ийе болған жоқары маманлықтағы профессор-оқытыўшылар менен толықтырыў илажларын көрсин;

б) 2023-2024-оқыў жылынан баслап Институттың шет тиллери оқытыўшылары С1 дәрежесинен кем болмаған миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық тән алынған сертификатқа ийе болыўын және сабақ шынығыўларын тийисли тиллерде алып барылыўын тәмиийнлесин;

в) 2024-2025-оқыў жылынан баслап:

Институттың қәнигелик пәнлер (шет тилинен тысқары) оқытыўшыларының В2 дәрежеден кем болмаған миллий ямаса оған теңестирилген халықаралық тән алынған сертификатқа ийе болыўын;

Институттың оқыў процесине тил ийеси болған қәнигели сырт ел қәнигелерин тартыўды шөлкемлестирсин. Онда, сырт елли қәнигелердиң айлық мийнет ҳақысы базар конъюнктурасы тийкарында анықланады ҳәм Институттың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қоры есабынан қаржыландырылады;

г) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге шекем Институтты зәрүр телекоммуникация қураллары менен үскенелеў және жоқары тезликтеги Интернет тармағына жалғаў илажларын көрсин.

  1. Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте Институт студентлерин әмелият өтеў ушын аймақтағы кәрханалар, туризм ҳәм мәдений мийрас объектлери, билимлендириў ҳәм басқа да шөлкемлерге бириктириў және жоқары курс студентлерин мийнет ҳақы төленетуғын система арқалы бәнт етиў илажларын көрсин.
  2. Инновациялық раўажланыў министрлиги филология пәнлери тармағының тийисли қәнигеликлери бойынша жоқары маманлықтағы илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрларға болған зәрүрликтен келип шығып, 2023-жылдан баслап Институтқа докторантура бойынша квота ажыратылыўын тәмийинлесин.
  3. Шет тиллерин үйрениўди ғалаба ен жайдырыў агентлиги төмендеги бағдарларда Институтқа жақыннан жәрдемлессин:

сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда профессор-оқытыўшылар ҳәм қәнигелер ушын маманлық арттырыў, соның ишинде, синхрон аўдарыў көнликпелерин қәлиплестириў бойынша курсларды шөлкемлестириўде;

профессор-оқытыўшылардың заманагөй оқытыў көнликпелерин раўажландырыўда ҳәм шет тилин билиў дәрежесин анықлаў бойынша сертификат алыўында;

Институттың бос аудиторияларында шет тиллерин оқытыў курсларын шөлкемлестирип, студентлерге қосымша дәрамат табыўына зәрүр шараят жаратыўда;

халық ҳәм билимлендириў мәкемелери ушын шет тиллерин үйрениўге жәрдем беретуғын контентлерди шәртнама тийкарында жаратыўда.

  1. Институт жумысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер, қәўендерлик қайырқомлықлар ҳәм грантлар және нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырылатуғыны;

Институттың басланғыш жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, атап айтқанда, оның имаратлары менен объектлерин оңлаў және үскенелеў жумыслары Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының есабынан әмелге асырылатуғыны;

усы қарарды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў 2022-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине ажыратылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны, 2023-жылдан баслап – Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгиленсин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң төмендеги имарат ҳәм объектлерин тийисли аймағы менен биргеликте Институтқа оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

Әндижан қаласы, Бабуршаҳ көшеси, 5-жай мәнзилинде жайласқан Әндижан мәмлекетлик университетиниң оқыў имаратларын;

Әндижан қаласы, Бабуршаҳ көшеси 20-жай мәнзилинде жайласқан Әндижан мәмлекетлик университети студентлерин турақ жайын;

Әндижан мәмлекетлик университетиниң Әндижан ўәлаяты, Ханабад қаласы, «Кампирровот» МПЖ аймағында жайласқан дем алыў орнын.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте тастыйықланған жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерине тийкарланып Институттың имаратлары менен объектлерин реконструкциялаў, жаңа оқыў имараты ҳәм студентлер турақ жайын қурыў және оларды үскенелеў жойбарларын Өзбекстан Республикасының 2023-жыл ҳәм келеси жылларға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламасына белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.
  2. Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги Институттың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын басқа аймақлардан тартылған профессор-оқытыўшыларды турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде Институтқа жақын аймақта жайласқан көп қабатлы турақ жайлардан хызмет жайларын Институтқа тегин пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратсын.

Институтқа өзиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан басқа да аймақлардан тартылған профессор-оқытыўшылар ушын қолайлы шараят жаратыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, ижара төлемин компенсациялаўға рухсат етилсин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошқулов ҳәм Әндижан ўәлаяты ҳәкими Ш.К.Абдурахмонов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти            Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 31-май