Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң ўазыйпасын атқарыўшы Владимир Норов Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы басшысы Шарлотт Адриан менен сөйлесиў өткерди. Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети мәлим еткен.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм ЕА арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективасы, еки тәреплеме ҳәм регионаллық болажақ илажлар додаланды.
Адриан ханым Өзбекстан менен кейинги жыллары тәреплерди қызықтырған кең көлемли байланыстың жеделлескенин унамлы баҳалады. Сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық шерикликти беккемлеўге хызмет етип атырған биргеликтеги бирге ислесиў институтларының нәтийжели жумыс ислеп атырғаны атап өтилди.
ЕАның Орайлық Азия бойынша стратегиясы шеңберинде санластырыў, «жасыл» экономика, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы, қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўи сыяқлы тараўларда биргеликтеги жойбарлардың көлемин кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Тәреплер өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм турақлы раўажланыў мәселелерине бағышланған «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» министрлер ушырасыўын Самарқанд қаласында өткериў ҳәм илажға пуқта таярлық көриўге таяр екенлиги тастыйықланды.
Сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.
ӨзА