Еслеў кешеси
Усы жыл 22-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында белгили режиссёр ҳәм актёр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Эл-юрт ҳурмати» ордени ийеси Қуўатбай Әбдиреймовтың туўылғанының 85 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти.
Илаж қатнасыўшыларына белгили талант ийесиниң дөретиўшилигине бағышланған «Қарақалпақ Отеллосы» ҳүжжетли фильми қойып берилди.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, профессор Н.Аңсатбаев, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Қуўатбай Әбдиреймовтың республикамыздың мәдениятын, кино ҳәм театр көркем өнерин раўажландырыўдағы жемисли мийнетине тоқтап өтти.
Қ.Әбдиреймов 1937-жылы Мойнақ районында туўылып, өзиниң мийнет жолын 1963-жылы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүўретшилик көркем өнери институтының драма ҳәм кино актёрлығы бөлимин питкерип келгеннен кейин, ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында актёр болып ислеўден баслады.
1964-жылы республикамызда телевидениениң ашылыўы мүнәсибети менен Қ.Әбдреймов бас режиссёр болып тайынланады. Режиссёр сыпатында биринши телепостановкаларды сахналастырады. Атап айтқанда, «Зәкировлар шаңарағы», «Қайдасаң Локили» ҳәм бир нешше дөретиўшилик көрсетиўлердиң режиссёры болды.
Буннан кейин 1966-1971-жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының директоры, 1971-1973-жыллары Москва қаласында Орайлық аўқам армиясы театрында режиссёрлық стажировкада, 1973-1975-жыллары театр директоры, 1975-1979-жыллары театрдың бас режиссёры, 1981-1983-жыллары театр директоры, 1983-2003-жыллары сахналастырыўшы режиссёр ҳәм 2003-2005-жыллары бас режиссёр лаўазымларында иследи.
Қ.Әбдиреймов театр көркем өнерин раўажланыўына дилмаш сыпатында да салмақлы үлес қосты. Оның дөретиўшилик жолы үшке бөлинеди, театр-кино-телевидение. Ол режиссёр сыпатында театр жәмәәтиниң идеялық, мораллик жақтан басқарыўшысы, актёрлар жәмәәтиниң сахна мәденияты бойынша билимин, талантын жетилистириўге жәрдем берди. Жәҳән, туўысқан халықлар драматургиясының дүрданаларын сахналастырыў менен бирге қарақалпақ драматургиясының раўажланыўына себепши болды.
Сондай-ақ, ол қарақалпақ актёрлары ишинде биринши кино актёр, телевидениеде болса биринши бас режиссёр, қарақалпақ телевидениесинде биринши телепостановка сахналастырған режиссёр сыпатында тарийхта қалды.
Театр сахнасында дүнья халықлары драматургиясының, миллий драматурглеримиздиң шығармаларын сахналастырып, халқымызға руўхый азық берди. Солардан В.Шекспирдиң «Отелло», Г.Горинниң «Аты өшсин», Иосеалинниң «Арбаң аўдарылмасын», Ж.Аймурзаевтың «Бердақ», К.Рахмановтың «Келин», «Рахмет келин», «Абыйға бабый», С.Балғабаевтың «Бизлерде ашық болғанбыз», А.Уталиевтың «Ерназар Алакөз», Қ.Мәтмуратовтың «Кешиккен муҳаббат» ҳәм басқа да спектакллерин, С.Рахманиновтың «Алеко», Қ.Заретдиновтың «Тумарис» операларын сахналастырып, үлкен табысқа еристи.
Ол қарақалпақ театрында режиссураның раўажланыўына салмақлы үлес қосыў менен бирге, киноларда роллерге түсти, кино актёр сыпатында халқымыздың ҳүрметине еристи. «Ҳамза»да Алижан, «Көк жийекке түскен ислер»де Танабай, «Кейнимизде Москва»да генерал Рахимов, «Әпсанаға айланған қыз»да Валихан, «Қарақалпақфильм» киностудиясында түсирилген «Танка», «Арал балықшылары», «Арал бахтым мениң» фильмлеринде роллер атқарып, кино ықласбентлериниң кеўиллеринен шықты.
Қ.Әбдиреймов барлық күш-қуўатын, саналы өмирин қарақалпақ көркем өнерин раўажландырыўға бағышлаған шебер шөлкемлестириўши, уқыплы басшы еди. Ол қайсы лаўазымда ислемесин, мийнет сүйгишлиги, жумысқа болған талапшаңлығы ҳәм әдил басқарыўы менен ҳүрметке ийе болды. Бир неше шәкиртлер таярлады.
Оның қарақалпақ театр көркем өнерине қосқан үлеси ҳүкиметимиз тәрепинен ўақтында жоқары баҳаланды. 1969-жылы Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, 1974-жылы Өзбекстан Республикасы халық артисти, 1991-жылы Қарақалпақстан Республикасы халық артисти атақлары, 1999-жылы «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықланды. Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.
Кешеде белгили көркем өнер шеберлериниң еске түсириўлери, концерт бағдарламасы қойып берилип, бийтәкирар талант ийеси атқарған рольлерден, сахналастырылған спектакльлерден үзиндилер көрсетилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги