Корея Республикасының Өзбекстан Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ким Хи Санг басшылығындағы делегация ағзалары Қарақалпақстанға сапары даўамында «Тақыятас ыссылық электр станциясы» АЖда мийманда болды.
«Тақыятас ЫЭС» АЖ бас лиректоры Фахриддин Халилаев жоқары мәртебели мийманларды станцияның өндирислик қуўатлылығы менен таныстырды.
Тақыятас ыссылық электр станциясында ҳәр бириниң қуўатлылығы 280 МВт болған 2 пуў-газ қурылмасы толық қуўатлылықта ислемекте.
Жойбардың тийкарғы мақсети Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты тутыныўшыларын үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў, электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығырыў көлемин кеңейтиў, жанылғы ресурсларын үнемлеў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўдан ибарат.
Бүгинги күнде бас жумысты бөлип алып ислеўши тәрепинен қурылыс-монтажлаў жумыслары 100 процентке орынланған. Орнатылған газ трубинасы ҳәм пуў трубинасының тийкарғы үскенелери Американың GE компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған.
Бул станциядағы қурылыс жумыслары заманагөй алдыңғы технологиялар тийкарында Қубла Кореяның «Hyundai Engineering & Construction» компаниялары консорциумы тәрепинен әмелге асырылды.
Жойбардың улыўма баҳасы 678,2 миллион АҚШ доллары болып, соннан 300 миллион АҚШ доллары Азия раўажланыў банкиниң инвестиция қаржылары, 230,7 миллион АҚШ доллары Өзбекстан Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының кредит қаржылары, 27,3 миллион АҚШ доллары «Өзбекэнерго» қаржылары ҳәм 120,2 миллион АҚШ доллары Өзбекстан Республикасының жойбарды қоллап-қуўатлаўдағы үлеси болып есапланады.
Жаңадан енгизилген еки пуў-газ қурылмасының иске түсиўи менен станцияның техникалық-экономикалық көрсеткишлери артты, соның ишинде, станцияның орнатылған қуўатлылығы 630 МВт тан 980 МВт ға шекем жыллық өндирилетуғын электр энергия муғдары 3 миллиард кВт сааттан 4,6 миллиард кВт саатқа шекем өсти. Сондай-ақ, 1 кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыў ушын жумсалатуғын шәртли жанылғы муғдары 430 гр/кВт сааттан 258 гр/кВт саатқа азайды. Соның менен бирге, бир жылда 488,6 миллион метр куб тәбийғый газ үнемлениўине ерисилди, яғный бул ҳәр жылы 322,5 миллиард сум үнемленеди дегени.
Жаңа жойбардың иске қосылыўы менен жыллық суўдың жумсалыўы дерлик үш есеге азайды.
Заманагөй станция экологиялық жақтан қарағанда да унамлы көрсеткишлерге еристи: азот оксиди шығындысы 3,5 есеге азайды, атмосфераға шығатуғын жалпы шығындылар 5,1 есеге, жылына 3056,674 тоннаға азайды, ЫЭС шығындылары менен атмосфераны патаслаў дәрежеси 3,2 есеге азайды, тийкарғы парник газы – СО2 шығындылары жылына 972216,22 тоннаға қысқарды.
Үскенелер сырт ел жоқары раўажланған, дүньяға белгили «General Electric», «Hyundai» сыяқлы компаниялар тәрепинен жеткерип берилди.
Үскенелерди сапалы ислетиў ҳәм өндиристиң турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде жас қәниге хызметкерлер жаңа пуў-газ қурылмаларын эксплуатациялаў бойынша қәнигели оқыў орайларында билим алып, сертификатқа ийе болды.
Сондай-ақ, «Hyundai Engineering» қәнигелери ҳәм үскенелерди ислеп шығаратуғын заводлардан Швейцария, Германия, Англия, Қытайдан қәнигелер келип Тақыятас ЫЭСтың жаңа энергоблокларын эксплуатациялаў бойынша жергиликли қәнигелердиң маманлығын арттырыў бойынша теориялық ҳәм әмелий сабақлар өткерди.
Мийманлар сапар даўамында кәрхананың тарийхы менен жақыннан танысыў мақсетинде «Тақыятас ЫЭС» акционерлик жәмийетинде шөлкемлестирилген музейде де болды.
Сапар жуўмағында Қубла Корея елшиси мырза Ким Хи Санг Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди.
«Тақыятас ЫЭС» АЖ баспасөз хаткери
Қарақалпақстан хабар агентлиги