Пайтахтымыздағы «Түркстан» сарайында Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы тәрепинен өткерилген «Алтын қәлем» XVI Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўдың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Жәҳән баспасөз еркинлиги күнине бағышлап шөлкемлестирилген бул илажда ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, тараўға байланыслы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, экспертлер, жас дөретиўшилер, елимизде аккредитациядан өткен халықаралық шөлкемлер ҳәм елшиханалардың ўәкиллери, сондай-ақ, бир қатар сырт ел медиа аўқамларының жуўапкерлери қатнасты.
Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамының баслығы Олимжан Ўсаров кейинги жыллары елимизде миллий журналистика тараўын түп-тийкарынан реформалаў, пуқаралардың сөз ҳәм мәлимлеме алыў еркинликлерин тәмийинлеў бойынша кескин унамлы өзгерислер жүз берип атырғанын атап өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары – Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов елимиз және жер жүзинде жүз берип атырған ўақыяларға әдил қатнаста болыў, оны терең таллаўға тийкарғы әҳмийет қаратылып атырғанын атап өтти.
Ҳәзирги күнде миллий журналистика халық пенен мәмлекет арасында барған сайын ашық-айдын айнаға айланбақта, десек қәтелеспеген боламыз. Тараў ушын жоқары тәжирийбели кадрлар таярлаў, редакциялардың материаллық-техникалық базасын және де жақсылаў, журналистлердиң заманагөй ҳәм жедел форматта ислеўи ушын зәрүр барлық шараятларды жаратыў мәселеси мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында болып келмекте.
Ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды излениўге шақырыўда ҳәр қыйлы ағартыўшылық жойбарлардың әҳмийети үлкен болмақта. 2006-жылдан берли өткерилип киятырған «Алтын қәлем» Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўы журналистлерди дөретиўшилик излениўге шақырыў, олардың белсендилигин арттырыў, реформалардың пәтин оператив, әдил ҳәм ҳақыйқый түрде халыққа жеткериўде үлкен әҳмийетке ийе.
Усы жылы өткерилип атырған «Алтын қәлем» Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўға 448 қатнасыўшы бес мыңға шамалас дөретиўшилик жумысларын тапсырған.
Быйыл таңлаў қатнасыўшыларының жумысын баҳалаўда Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының jurnalistlar.uz сайты арқалы кең жәмийетшиликтиң қатнасыўындағы онлайн баҳалаў да жолға қойылды. Ҳәр бир қатнасыўшының айрықша бети болып, қатнасыўшылардың электрон дизими қәлиплестирилди. «Алтын қәлем – 2022» бетинде қатнасыўшылар тәрепинен усынылған жумыслар жайластырылды.
Салтанатлы илажда тийкарғы сыйлықлар – телевидение, радио, баспа ғалаба хабар қураллары, интернет журналистика бойынша «Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық» номинациясында биринши, екинши, үшинши орынларға ерискен қатнасыўшыларға сыйлықлар тапсырылды. Жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың тийисли муғдардағы ақшалай сыйлығы менен сыйлықланды.
Соның ишинде, «Ең жақсы журналистлик материал ушын» (телевидение) бағдарында 1-орынға «Маданият ва маърифат» телеканалынан Юлдуз Файзий, 2-орынға «Севимли» телеканалынан Мўътабар Нурмуҳаммедова, 3-орынға Мафтуна Мамасиддиқова («Рухсор ТВ» Ферғана ўәлаяты) ылайық деп табылды.
«Ең жақсы журналистлик материал ушын» (радио) бағдарында 1-орын Наўайы ТРК хабаршысы Фароғат Барноеваға, 2-орын «Oʼzbekiston 24» телерадиоканалынан Зарбуви Чориеваға, 3-орын «Гранд» радиоканалынан Нодира Мақсудоваға берилди.
«Ең жақсы журналистлик материал ушын» номинациясы бойынша интернет-журналистика бағдарында 1-орынға ӨзА бөлим баслығы Норгул Абдурайимова, 2-орынға kun.uz сайтының баслығы Илёс Сафаров, 3-орынға xaba4.7z мәлимлеме-аналитикалық порталының хабаршысы Анвар Намозов ылайық деп табылды.
Ең жақсы журналистлик материал ушын» номинациясында баспа басылымлар бойынша 1-орынға «Халқ сўзи» – «Народное слово» газеталарының редакциясы (бас редакторы Ўткир Раҳматов), 2-орынға «Еркин Қарақалпақстан» газетасының хабаршысы Гулайым Сапарова, 3-орынға Сурхандәрья ўәлаятының Қизириқ районындағы «Тараққиёт» газетасының бас редакторы Чори Алимов ҳәм «Ёшлар кундалиги» редакциясының жәмәәти (Редакция бас директоры Беҳзод Кабулов) мүнәсип көрилди.
«Инсан қәдирин улығлаўға бағышланған ең жақсы материаллар ушын», «Мәҳәлле, шаңарақ ҳәм гендер теңлик темасы ең жақсы жарытылған материал ушын», «Өзбекстан тарийхы жарытылған ең жақсы материал ушын», «ҒХҚ менен ең белсенди шерик мәлимлеме хызмети», «Ең жақсы фоторепортаж» хошаметлеўши номинациялар бойынша сыйлықлар да өз ийелерине тапсырылды.
Соның менен бирге, сырт ел журналистиниң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын «Алтын қәлем» Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери де сыйлықланды.
Таңлаўда халықаралық шөлкемлер ҳәм Түркия Республикасы, Әзербайжан Республикасы, Қытай Халық Республикасы сыяқлы сырт еллердиң Өзбекстандағы елшиханалары тәрепинен шөлкемлестирилген номинациялардың жеңимпазлары да жәрияланды. Халықаралық шериклер тәрепинен жәрияланған номинациялардың жеңимпазларына бул мәмлекетлерге саяхатлар сертификатлары да тапсырылды.
«Өзбекстан тарийхы» телеканалының жәмәәти (бас редакторы Шуҳрат Ҳайитов) Бас миллий сыйлық ийеси деп табылды. Жеңимпаз арнаўлы диплом, «Алтын қәлем» таңлаўының көкирек белгиси, статуэтка ҳәм базалық есаплаўдың 200 есеси муғдарында (54 000 000 сум) пул сыйлығы менен сыйлықланды. Жеңимпаз жәмәәтке сыйлықты Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары – Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов тапсырды.
Илажда көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўында үлкен концерт бағдарламасы қойып берилди.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы