Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 5-майдағы «Балалар гемотологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайында емленип атырған балалар ушын мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия және улыўма орта билим бериў системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Бул ҳүжжетке бола, орайда емленип атырған балаларға мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия және улыўма орта билим бериў процесслерин нәтийжели шөлкемлестириў ушын «Меҳирли мектеп» мәмлекетлик билимлендириў мәкемесиниң жумысы жолға қойылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги