Нөкис қаласындағы «Жумысқа мәрҳамат» моно орайында ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Заманагөй дөретиўши ҳаял – ӨзЛиДеПти таңлайды» жойбары шеңберинде «Ҳаял-қызлардың исбилерменлигин арттырыў – дәўир талабы» атамасында илаж шөлкемлестирилди.
Илажда ҳаял-қызлардың исбилерменлик тараўында көнликпелерин қәлиплестириў бойынша бийпул оқытыў әмелий курсларын шөлкемлестириў, жумыс пенен бәнт болмаған ҳаял-қызларды исбилерменликке, атап айтқанда, шаңарақлық исбилерменлик, жумысты үйге алып ислеў жумысларына кеңирек тартыў арқалы өзин-өзи бәнт етиў сыяқлы мәселелер додаланды.
Ҳаял-қызлар бул жерде әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстырылды.
Атап өтилгениндей, бул орайда жумыссыз ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў, белсендилигин арттырыў ҳәм кәсип өнерге оқытыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған төрт бағдар бойынша 19 кәсип-өнерге, 3 шет тиллерине ҳәм санлы технологиялар тараўы бойынша оқытыў шөлкемлестирилген.
Өткен жылдың июнь айында шөлкемлестирилген усы орайға ҳәзирги күнге шекем 1311 ҳаял-қыз тартылған болып, олардың 1294 и орта-арнаўлы кәсип-өнер билимлендириўи дипломы дәрежесине теңлестирилген мәмлекетлик үлгидеги сертификатлар менен тәмийинленген.
Депутатлар ҳәм партия ўәкиллери усы орайда тыңлаўшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, ҳаял-қызлардың пикир-усынысларын тыңлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги