Мүбәрек Рамазан айында жаңалықлар ҳәм жақсылықлар көп болды. Ҳайыт күнлеринде Ташкент қаласында және бир комплекс – жаңа жол ҳәм көпирлер ашылды.

Президент Шавкат Мирзиёев 3-май күни усы транспорт объектин барып көрди.

Оның қурылысы 2020-жыл августта басланған еди. Жойбар шеңберинде 6,5 километр узынлықтағы 6 полосалы автомобиль жолы, 6 көпир қурылды. Бул арқалы Сергели районындағы Қыпшақ көшеси Яккасарай районындағы Шопаната ҳәм Усман насыр көшелери менен нәтийжели байланысты.

Усы ўақытқа шекем Сергели районынан қала орайына шекем келип-кететуғын автомобильлер тийкарынан бир жол – Жаңа Сергели көшеси арқалы ҳәрекетленетуғын еди. Саатына 4 мың автотранспорт қатнаўына мөлшерленген бул жолда тийкарынан жүклеме үлкен, соның ушын азанғы ҳәм кешки ўақытларда жүдә тығылыс болатуғын еди.

Жаңадан қурылған жол саатына 12 мыңға шекем автотранспортты өткериў қуўатлылығын жаратады.

Көпирлер, оларға миниў-түсиў бөлеклери ақылға уғрас жойбарластырылып, жолларға светофорсыз жалғанған. Нәтийжеде автотранспортлар басқа жоллардағы қатнаўға тоқтаўсыз, қолайлы тәризде қосылып кетиўи мүмкин.

Және бир тәрепи – ҳаўаға тәсири. Ҳәммемизге белгили, елимизде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары әмелге асырылмақта. Бирақ бул тек ғана терек егиў дегени емес, ал экологияны сақлаў демек. Жаңа жолдың ашылыўы нәтийжесинде ҳаўаға зыянлы газ шығыўы 3 есеге азаяды.

Жолдың бойларына энергия үнемлеўши жақтыландырғышлар, жүзим өрмелегишлери орнатылған. Бос майданлар көклемзарластырылып, пиядалар жолы ҳәм веложоллар қурылған.

Бул жерде Ташкент қаласында автомобиль жолларын қурыў ҳәм қала транспорт системасын жетилистириў усынысларының презентациясы өткерилди. Бүгин ашылған жолды даўам еттирип, Сергели районын айланып өтетуғын айланба жолға шекемги 6 километрлик жол қурыў жойбары мақулланды.

Мәмлекетимиз басшысы жоллардың өткериўшеңлик қәбилетин арттырыўға көбирек итибар қаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Ҳәмме жерде жол қурып ямаса кеңейтип болмайды. Көп зат  қатнаўды дурыс шөлкемлестириўге де байланыслы. Енди жоллардың, кесилиспелердиң өткериўшеңлигин арттырыў, санластырыў арқалы халыққа қолайлық жаратыў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Ташкентли нураныйлар, жәмийетшилик белсендилери менен сәўбетте Президентимиз оларды Рамазан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлады.

Миллий қәдириятымызға бола, жол ҳәм көпир қурыў –саўаплы ис. Адамлардың узағын жақын ететуғын бул жол ҳәзирги уллы әййям күнлеринде ашылып атырғаны да қуўанышлы. Алдын «Сергелиде 10 турақ жай қурыўға болама» дегенде ҳеш ким исенбейтуғын еди. Кейинги бес жылда Сергели ҳәм Янгиҳаёт районларындп 800 ге шамалас көп қабатлы турақ жайлар қурылды, дерлик 100 мың халық баспаналы болды. Мине енди жоллары да раўажланып атыр. Ҳәзир қәнигелер менен кейинги жойбарлар бойынша да мәсләҳәтлесип алдық. Оларды ўақыты менен, мийнетимиз бенен, тынышлық-татыўлықта әмелге асыра аламыз,-деди мәмлекетимиз басышысы.

Президент Шавкат Мирзиёев буннан кейин Ишки ислер министрлигиниң Ситуациялық-таллаў орайында болды.

Бул комплекс ишки ислер уйымларының күш ҳәм қуралларын мәлимлеме технологиялары тийкарында басқарыўға қәнигелескен. Заманагөй имарат қурылып, 554 террабайт ядқа ийе 18 сервер, үлкен көлемли  бақлаў экраны, компьютерлер менен үскенеленген.

Орайда «102» системалы, видеобақлаў камералары, интернет ҳәм басқа да дәреклерден келип түсип атырған мағлыўматлар автоматласқан тәризде жыйналады ҳәм қайта исленеди. Қағыйдабузарлық  автотранспорттың мәмлекетлик номери ямаса шахстың көриниси арқалы жедел анықланып, изленеди. Бул система жасалма интеллект жәрдеминде ислейди ҳәм инсан факторы минимал дәрежеде. Булар арқалы орай пүткил елимизде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Президентимиз орайдағы шараятларды көзден өткерди, жумыс системасы менен танысты. Бул жерде барлық ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм оператив хызметлердиң мағлыўматларын интеграциялаў зәрүрлигин атап өтти.

– Бул үлкен жумыс. Бирақ қамтыў ҳәм оперативлиликти арттырыў керек. Адамлар қашан өзин қәўипсиз, еркин сезеди! Қашан турист көбейеди! Жынаятшылық жоқ болса, қәўипсизлигине исенсе, көшеде тәртиптен тазалыққа шекем – ҳәммеси тәмийинленген болса. Бул ушын барлық ҳуқық қорғаў уйымлары мағлыўматларды беккем интеграциялаўы керек. Бул интеграция кирип барған ҳәр бир тармақ хызметкерлериниң  көзқарасын өзгертиў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәлимлеме технологиялары бойынша жоқары оқыў орынларында бул система ушын кадрлар таярлаў, район ҳәм қалалық ишки ислер бөлимлеринде заманагөй технологиялар менен ислейтуғын аналитиклердиң жумысын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Ишки ислер системасында «инсан факторын бийкарлайтуғын» электрон нәўбет, аралықтан мүрәжат сыяқлы онлайн хызметлерди кеңнен енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Мәҳәллелерде жәмийетлик машқалаларды таллаў, профилактика инспекторларының күнлик жумысын режелестириў ҳәм мониторинг етиў бойынша электрон системаны жолға қойыў тапсырмасы берилди.

Усы жерде Самарқанд ўәлаятында «Қәўипсиз туризм» бағдарламасы шеңберинде жолға қойылған система таныстырылды.

Мәмлекет басшысы ишки ислер системасында қолланылып атырған заманагөй техника ҳәм жаңа хызмет кийиминиң үлгилерин де көзден өткерди.

ӨзА