Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-май күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

Жетекшилер муқаддес Рамазан Ҳайыты менен бир-бирин қызғын қутлықлап, мәмлекетлеримиздиң дос халықларына тынышлық-парахатшылық, бахыт-ығбал, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында қабыл етилген ҳәм ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы толық додаланды.

Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт тараўлары ҳәм басқа да бағдарларда тийкарғы кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекет басшылары аймақлар арасындағы қарым-қатнасықларды жеделлестириў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды раўажландырыў зәрүр екенин атап өтти.

Өз-ара жойбарлар ҳәм көп қырлы бирге ислесиў бағдарламаларын әмелге асырыўды жеделлестириў ушын еки мәмлекет ҳүкиметлери дәрежесинде турақлы ушырасыўлар өткериў ҳәм муўапықласыўды күшейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Буннан тысқары, регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысылды, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режеси көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай исенимли ҳәм дослық руўхында өтти.

ӨзА