Қәдирли ўатанласлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, елимиздеги барлық  мөмин-мусылманларды ҳәм пүткил халқымызды мүбәрек  Рамазан ҳайыты – Ийд ал-Фитр менен шын жүрегимнен қутлықлап, бәршеңизге өзимниң терең ҳүрмет-иззетимди ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Кеўиллеримиз қуўанышқа ҳәм жақсы тилеклерге толған бул бахытлы ҳәм қуўанышлы демлерде бәринен бурын усындай теберик күнлерге жеткергени, байрамды тынышлық-татыўлықта, шаңарғымыз, ел-журымыз бенен аўызбиршиликте күтип алып атырғанымыз ушын Жаратқанға шексиз шүкирлер етемиз.

Халқымыз әсирлер даўамында уллы диний қәдирият, сақыйлық ҳәм мийрим-шәпәәт тымсалы сыпатында қәдирлеп киятырған бул уллы әййям кейинги ўақытта жәмийетлик турмысымызда және де беккем орын ийелеп атырғаны, әлбетте, бәршемизди қуўандырады.

Әсиресе, быйылғы Рамазан байрамы «Инсан қәдири ҳәм мәплери ушын» деген уллы идеяны өзинде жәмлеген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы тийкарында кең көлемли реформаларымыз буннан былай да жоқары басқышқа көтерилип атырған тарийхый шараятта өтип атырғаны оның қут-берекетин кескин арттырмақта.

Шынында да, дүнья халқын өз-ара дос ҳәм тилеклес болып, татыўлықта ҳәм түсинисип жасаўға шақыратуғын Рамазан ҳайты инсан қәдирин улығлаўдың айқын үлгиси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Ҳеш гүмансыз, биз инсан қәдирин оның диний тараўдағы ҳуқықлары ҳәм мәплери менен өз-ара байланыслы ҳалда көремиз. Сол ушын кейинги жылларда елимизде диний қәдриятларымызды тиклеў, бийбаҳа илимий-ағартыўшылық мийрасымызды үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, Бухарада – жети уллы пир, Сурхандәрьяда – Имам Термизий зыяратханалары, Қашқадәрьяда – Әбиў Муин Насафий, Ташкент ўәлаятында – Зәңги ата, Наманганда – Султан Уайс Қараний, Ташкент қаласында – Сүзик ата естелик комплекси сыяқлы теберик орынлар ҳәр тәреплеме абат етилгени бул пикирди айқын дәлиллейди.

Ҳәзирги күнде әне усы қайырлы әмеллеримиздиң логикалық даўамы сыпатында Бухарада – Мир Араб жоқары медресеси, Самарқандта – Имам Бухарий естелик комплекси және Ташкент қаласында – Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында кең көлемли қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслар алып барылмақта.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бизге белгили, дүнья бойлап тарқалған коронавирус пандемиясы себепли ўатанласларымызға мүбәрек Ҳаж ҳәм Умра әмеллерин орынлаў ушын базы шеклеўлер орнатылған еди. Қандай аўыр болыўына қарамастан, усы жылдың январь айынан баслап пуқарларымыздың Умра зыяратына барыўын қайта жолға қойдық ҳәм қысқа ўақыт ишинде 35 мыңға шамалас жерлеслеримиз қолайлы шараятларда асығып күтилген бундай ийгиликли әмеллерди орынлаў имканиятына ийе болды.

Және бир жаңалық – быйыл мүбәрек Ҳаж ибадатын әмелге асырыўға имканият пайда болғанын, сиз әзизлерге жеткериўден оғада қуўанышлыман.

Ҳүрметли дослар!

Ҳәзирги ўақытта дүньядағы жағдай қандай пәтлер менен өзгерип атырғанын бәримиз көрип-билип турмыз. Айырым регионлардағы кескинликлер тезлесип, тынышлыққа ҳәм қәўипсизликке үлкен қәўип туўырмақта. Булардың бәри алдымызға үлкен ўазыйпаларды қойып, бәрқулла сергек ҳәм сақ, заман менен тең қәдем таслап жасаўды талап етпекте.

Муқаддес динимиз де шын мусылман адам ҳәр қандай сынақ ҳәм машқалаға бәрқулла таяр турыўы зәрүрлигин, пәк нийет, жақсы әмеллер менен жасайтуғын бенделерге, әлбетте, жоқары сыйлықлар берилетуғынын уқтырып келеди.

Сол мәниде, елимизде турақлылықты тәмийинлеў, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, әййемги ҳәм өлмес қәдириятларға сүйенген ҳалда раўажланыўға жедел қәдемлер таслаў – дәўир талабы болып табылады.

Әне усындай анық мақсетлерди гөзлеп, бәрқулла алдыға умтылған жағдайда ғана биз бүгин – кешегиден, ертең – бүгингиден көре үлкен жетискенликлерге ерисиўимиз, абат ҳәм пәраўан турмыс кешириўимиз мүмкин.

Бәршемиздиң үмитимиз ҳәм сүйенишимиз болған жаслардың қәлбинде ҳәм санасында әне усы әҳмийетли пазыйлетлерди сиңдирип, оларды дүнья ареналарында бәсекиге шыдамлы жетик әўлад етип тәрбиялаўымыз шәрт.

Ҳеш қашан умытпайық, дүньядағы отта жанбайтуғын, суўда шөкпейтуғын ең үлкен байлық бул – билим ҳәм тәрбия болып саналады.

Бул бағдарда бай миллий дәстүрлеримиз тийкарында қәлиплескен өзбекке тән тәрбия менен бирге бизге жақын дос ҳәм тилеклес болған мәмлекетлердеги алдыңғы ҳәм заманагөй тәлим тәжирийбелерден ақылға сай пайдалансақ, гөзлеген уллы мақсетлеримизге әлбетте жетемиз.

Пурсаттан пайдаланып, дүньяның узақ ҳәм жақын мәмлекетлериндеги барлық мусылманларды Рамазан ҳайыты менен шын жүректен қутлықлап, оларға тынышлық, турақлы раўажланыў тилеймен.

Әзиз ўатанласлар!

Усы мүбәрек күнлерди шаңарақларда ҳәм мәҳәллелерде, қала ҳәм аўылларымызда мазмунлы ҳәм көтериңки кейпиятта өткериў ушын Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен елимизде дем алыс күнлери жәрияланғанынан хабарыңыз бар.

Бундай қолайлы шараят байрамның қут-берекетин, қәдир-қымбатын және де арттырады. Себеби, бул дем алыс күнлери – қәдирли ата-аналарымызға барыў, қәстелер ҳәм мүтәжлердиң ҳалынан хабар алыў, жақын адамлар менен дийдарласыў ушын жақсы имканият деп ойлайман.

Жәмийеттеги социаллық-руўхый орталықты және де жақсылаў, ҳәр бир инсанның, бәринен бурын жаслардың, өмирде мүнәсип орын ийелеўине жәрдемлесиўге қаратылған адамгершилик руўхындағы ислеримиздиң әҳмийетин халқымыз, әлбетте, жақсы түсинеди ҳәм оларды әмелге асырыўға белсене қатнасады, деп беккем исенемен.

Ҳүрметли ўатанласларым!

Сизлерди, пүткил халқымызды елимизде кеңнен белгиленип атырған мүбәрек Рамазан ҳайыты менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға тынышлық, қут-берекет тилеймен.

Байрам қуўанышларынан кеўлимиз және де көтерилсин!

Ана журтымыз тыныш, турмысымыз абадан болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ

Өзбекстан Республикасы Президенти