Қарақалпақ әдебиятыныӊ XX әсирдеги қос байтереги сыпатында Төлепберген Қайыпбергенов ҳәм Ибрайым Юсуповлар өзиниӊ қунлы дөретпелери менен түркий тиллес халықлар әдебиятыныӊ уллы тулғалары сыпатында кеӊнен танылды
Олар ҳәзир арамызда болмағаны менен өлмес әдебий мийраслары халқымыз қәлбинде жасап, өзиниӊ екинши өмирин сүрип келмекте.
Халқымыздыӊ бул инсанларға ҳүрметиниӊ жоқары екенлиги соншелли елимизде ҳәр жыл сайын май айыныӊ дәслепки он күнлигинде Т.Қайыпбергенов ҳәм И.Юсуповтыӊ туўылған күнлери кеӊ түрде белгиленип өтиледи.
Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де жазыўшы Т.Қайыпбергенов ҳәм шайыр И.Юсуповтыӊ туўылған күнине бағышланып, «Қос байтерек 93 жаста» атамасында әдебий-саз-сәўбетли композициялық кеше болып өтти.
Кешеге мектептиӊ педагогикалық жәмәәти ҳәм оқыўшылары қатнасты.
Онда мектеп директоры Ж.Алиева, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғалими М.Мәмбетбаевалар шығып сөйлеп, Т.Қайыпбергенов ҳәм И.Юсуповлардыӊ қарақалпақ прозасы ҳәм поэзиясында тутқан орны, дөретиўшилиги ҳәм халқымыздыӊ руўхый дүньясын байытыўдағы атқарған хызметлери ҳаққында кеӊ түрде айтып берди.
Соӊынан мектептиӊ талантлы оқыўшылары ҳәм муғаллимлери тәрепинен Т.Қайыпбергеновтыӊ «Қарақалпақ дәстаны» шығармасы тийкарында таярланған сахналық көринис көрсетилип, И.Юсуповтыӊ қосық ҳәм поэмаларынан үзиндилер атқарылды ҳәм бул жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.
Кеше соӊында мектеп ҳәкимшилиги тәрепинен илажға белсене қатнасқанларға Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы