Халқымыздың сүйикли шайыры Ибрайым Юсупов 1929-жылдың 5-май сәнесинде Шымбай районының ҳәзирги «Тағжап» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Азат» аӯылында туӯылған. Қарақалпақ поэзиясының жарқын жулдызы деп тән алынған И.Юсуповтың аӯылласы болғаны менен тек Шымбай елаты емес, ал пүткил  халқымыз мақтаныш етеди.

Себеби, оның қосықларында туӯылған жер, аӯыл ҳәм Ӯатанға деген сүйиспеншилик сезимлери халыққа оғада түсиникли ҳәм кеӯлине жақын тилде жазылған. Бүгин елимиздиң ҳәр бир пуқарасы оның өшпес даңқлы аты ҳәм көркем шығармаларын жүдә ҳүрмет етип, ийни келген жеринде қолланып, толайым журттың алғысына миясар болмақта.

Усындай уллы шайырдың жерлеслери болған Шымбай районының халқы Өзбекстан Қаҳарманы И.Юсуповтың туӯылған күнин көтериңки кейпиятта белгилеӯ мақсетинде «28-апрель-5-май күнлерин Ибрайым Юсупов ҳәптелиги сыпатында белгилеп», бул бойынша көркем-әдебий кешелер, шайырлар айтысы, сүӯрет салыӯ ҳәм басқа да өнерлер бойынша илажларды өткериӯди баслап жиберди.

Шымбай районлық Халық билимлендириӯ бөлимине қараслы мектеп муғаллимлери ҳәм оқыӯшылары арасында «И.Юсупов 93 жаста» атлы челлендж, «Аязий шайдалары» атамасында қосық айтыӯ ҳәм сүӯрет салыӯ таңлаӯлары өткерилди. Шайыр дөретиӯшилигине қызығыӯшы оқыӯшылар Шымбай академиялық лицейи ҳәм И.Юсуповтың туӯылған мәканы есапланған «Анна» аӯылындағы Шайыр музейлерине барып, ол жердеги экспонатлар менен жақыннан танысты ҳәм оннан руӯхый азық алды.

И.Юсуповтың дөретиӯшилигине бағышланған «Сен сөнбейсең поэзия жулдызы» атлы әдебий-саз-сәӯбетли композициялық кеше район орайында жайласқан 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде болып өтти.

Оған район ҳәкимлигиниң жуӯапкер хызметкерлери, республикамызға белгили шайыр ҳәм журналистлер, филиолог илимпазлар ҳәм кең жәмийетшилик ӯәкиллери қатнасты.

Илажда Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары Р.Жумамуратов, Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, белгили шайыр ҳәм илимпаз Бахтыяр Генжемуратов, филология илимлериниң докторы, Пердебай Нуржанов, Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист, шайыр Алтынгүл Өтениязовалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыӯшыларын сүйикли шайырымыздың туӯылған күни менен қызғын қутлықлады ҳәм И.Юсуповтың қарақалпақ әдебиятындағы тутқан орнын жоқары баҳалады. Шайыр менен болған ушырасыӯларынан қызықлы гүрриңлер айтып берди.

Кешеде шайырдың қызы Айжамал Юсупова да шығып сөйлеп, өз әкесине көрсетип атырған бундай жоқары ҳүрмети ушын Шымбай районы ҳәкимлигине шын кеӯилден миннетдаршылықларын билдирди ҳәм Ибрайым Юсуповтың ағла пазыйлетлери ҳаққында жыйналғанларға айтып берди.

Соңынан республикамызға белгили көркем өнер хызметкерлери, районлық мәденият бөлими, Халық билимлендириӯ бөлимине қараслы мектеп хызметкерлери ҳәм оқыӯшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы илаж қатнасыӯшыларында айрықша тәсир қалдырды.

-Буннан алдынғы жыллары районымызда уллы шайырымыздың туӯылған күнлерин өткерип жүрген болсақ, быйылғы жылдан баслап «Ибрайым Юсупов ҳәптелигин» өткериӯди басладық,-дейди бизге районлық Халық билимлендириӯ бөлиминиӊ баслығы Эльмира Мамбеткәримова.-Ҳәптеликке ҳәмме белсене қатнасты. Ҳәттеки, Наӯайы ӯәлаяты, Нөкис районы ҳәм пайтахтымыздан да шайырдың ықласбентлери қатнасып, таңлаӯларда жеңимпаз болғанлар, белсендилик көрсеткенлер район ҳәкимлиги ҳәм бөлимимиз тәрепинен мүнәсип түрде хошаметленди. Алдағы ӯақытлары бул ҳәптеликти республика көлеминде өткериӯ ушын бар күш-жигеримизди жумсаймыз. Себеби, Ибрайым Юсупов халқымыздың сөйлер тили ҳәм мақтанышы еди.

Илаж соңында «И.Юсупов ҳәптелиги»не белсене қатнасқанлар шөлкемлестириӯшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саӯғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы