5-май—Ибрайым Юсупов туўылған күн
Матякуб Қушжанов,
Өзбекстан Илимлер академиясыныӊ академиги
1951-жыл еди. Мен республиканыӊ бас мәкемеси-Орайлық комитет деп аталатуғын шөлкеминиӊ жуўапкер хызметкеримен. Республикада илим ҳәм жоқары билимлендириў менен шуғылланатуғын тараўлар. Қыс күнлериниӊ биринде Орайлық бюроныӊ қарарына муўапық Нөкис қаласына сапарға атландым. Ол дәўирде Нөкис қаласында педагогикалық институттан тысқары 30-40 адам хызмет ететуғын жалғыз ғана илимий мәкеме болып, Қарақалпақстан Республикасыныӊ экономика, тарийх, тил ҳәм әдебият институты деп аталар еди. Қулласы, ҳәмме илимлер тараўындағы изленислер усы киши жәмәәтте жәмленген еди. Бул илимий мәкемеси қарақалпақ зиялылары ишинен шыққан биринши илим докторы Н.Дәўқараев басқаратуғын еди. Нөкиске келдим де , ертеӊине усы институтқа бардым. Мениӊ дәслепки тәсирлерим әдеўир жақсы еди. Профессор Н.Дәўқараев орта бойлы, кеӊ жаўырынлы, сын-сымбаты келискен, палўан келбетли адам екен. Хызметкерлер менен қарым-қатнасынан оныӊ мәдениятлы зиялы екенлигин аӊладым.
50-жыллардыӊ баслары мәмлекетимизде идеологиялық жағдайдыӊ оғада аўыр дәўири еди. Республикада танымалы болған бир қатар илимпаз ҳәм жазыўшылар идеологиялық жақтан жетик емес деп есапланып, қамаққа алынды, ҳәтте базыбиреўлери «сибирь» етилди. Бул жағдай сол дәрежеге барып жетти, халық аўызеки дөретпесиниӊ еӊ бийбаҳа мийрасы есапланған «Алпамыс»тыӊ басына да қара күнлер түсти. Арнаўлы мақалалар жәрияланып ҳәм үлкен мәжилислер шақырылып, дәстан феодал өтмишти улығлаўшы шығарма сыпатында қараланды. Буныӊ ушқынлары Қарақалпақстанға да жетип келгенлигине гүман жоқ еди.
Сапарымныӊ дәслепки күнлеринен-ақ институтта маған бир адам дус келди. Бул орысзибан адам өзин Савицкий деп таныстырар екен, усы институт директорыныӊ орынбасары ўазыйпасында ислеп атырғанын билдирип қойды. Биринши сәўбетлесиўде-ақ мәкеме басшылығы туўралы маған бир талай шағым жасап таслады. Ол институт жумысы ҳаққында мениӊ жуўмақларым деп, «Советская Каракалпакия» газетасыныӊ бир дәстесин алдыма қойды. Танысыў мақсетинде газеталарды өзиме алдым. Қарақалпақстан обкомыныӊ маған ажыратылған ханасына кирдим де, газеталарды көзден өткердим. Олар менен танысып шықтым да, институт турмысы оғада қурамалы екенлигин аӊладым. Және сол көз алдыма келди, Савицкий институт жумысы туўралы, атап айтқанда ол жердеги жетекши илимпазлардыӊ жумыслары ҳаққында «Советская Каракалпакия» газетасыныӊ редакциясы менен келисип, избе-из бир қатар мақалалар жәриялапты. Мақалалардыӊ тийкарғы мазмуны сол дәўирдеги, яғный 50-жыллардыӊ басларындағы аўыр идеологиялық жағдай менен байланыслы еди.Савицкийдиӊ пикири бойынша, институттыӊ белсендилери Н.Дәўқараев басшылығында миллетшилик руўхындағы мийнетлерди дөретиў менен бәнт. Бул шығармаларда өтмиш идеалластырылады, реакцион үрп-әдетлер үгит-нәсиятланады. Қулласы, институт белсендилериниӊ жумыслары совет идеологиясына сай емес. Жасларды коммунистлик руўхта тәрбиялаў талапларына жуўап бермейди.
Улыўма, идеологиялық жағдай оғада аўыр еди. Соған жараса мениӊ алдымда турған ўазыйпа да шийеленисип кеткен ҳәм қурамалы болды. Өзим илимий шөлкемлердеги идеологиялық жағдайға жуўапкерлерден бири болсам да, бул ислерге араласып бир де пайдалы жуўмаққа келиўиме көзим жетпес еди. Бирақ, билер едим, мен усы ис бойынша шуғылланыўым керек. Жағдайдыӊ аўырлығын, басқа биреўден көриўге мениӊ ҳақым жоқ еди. Қызығы сонда, институт директорыныӊ орынбасары есапланған сол идеолог қай жерден келген, оны бул лаўазымға ким тайынланған, буларды мен биле алмадым. Сорастырып, соӊына жетиўим де қыйын болды. Бул жерде қандай да бир жасырын ҳәрекетлер болып атыр деген жуўмаққа келдим.
Бул қыйын жағдайды тереӊирек үйрениў ушын обком басшыларынан өзиме жәрдемшилер талап еттим. Бул шөлкемниӊ үгит-нәсият бөлиминде ислеп атырған Бабаш Исмайылов деген жигит маған жәрдем етиўге ўәде берди. Еки күннен соӊ ол бир жигиттти алдыма алып келди де:
―Мына жигит сизге жәрдемши болады. Фамилиясы Юсупов, аты Ибрайым,-деп таныстырды.
Жас жигит әдеўир азғын, узын бойлы ҳәм оғада кишипейил, кем сөзли екенлиги көринип турар еди. Жас шеригим сонда маған көп жәрдем етти. Билимданлығы, оғада зийреклиги менен қарақалпақ тарийхы, әдебияты, атап айтқанда, көп айыплаўларға себеп болған халық дөретиўшилигиниӊ әҳмийетли тәреплери туўралы маған мағлыўмат берер ҳәм орыс тилин билгенлигинен бул мағлыўматларды формаға салып обком бюросына ҳәм Орайлық комитетке мағлыўматнама таярлаўға жақыннан жәрдем берер еди. Ол ўақытлары И.Юсуповтыӊ шайырлығынан бийхабар едим. Соӊын ала, әдеўир жыллар өткеннен соӊ газета ҳәм журналларда оныӊ өзине жараса жоқары талғам менен жазылған қосық ҳәм поэмалары менен таныса басладым. Танысар едим де, бир ўақытлары қурамалы идеологиялық мәслелерди шешиўде маған шерик болған бул арық жигитти көз алдыма келтирип, қуўанышлы болар едим. Ибрайым Юсуповқа Өзбекстан Қаҳарманы атағы берилиўи ҳаққындағы Пәрман менен таныстым да, және бир мәрте шексиз қуўанышқа бөлендим ҳәм 50-жыллардыӊ басларында Нөкисте болып өткен ўақыялар ақыбетин аўыр өкиниш пенен еследим. Бул идеологиялық қарама-қарсылық ақыбети сол болды Москвада докторантурада көп излениўлер менен докторлық диссертациясын таярлап, бираз денсаўлығын жоғалтқан Н. Дәўқараевтыӊ дүньядан өткенин еситип қойдым ҳәм сол аўыр жағдайда оны сақлап қалыў қыйын болғанынан оғада қайғырдым. Савицкий қандай жоллар менен бул институтқа келген болса, сондай жоллар менен Нөкисти тәрк еткен болса керек, деп шамаладым…
Қарақалпақшалаған Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.