«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында жумысшыларды социаллық қорғаў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Кәрхана басшылығы ҳәм кәсиплик аўқамлары менен биргеликте ҳаял-қызлар арасында түрли спорт жарыслары өткерилип, оның жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланып келмекте. Көп жыллардан берли бусы жерде мийнет еткен еки ҳаял ҳүрметли дем алысқа салтанатлы жағдайды жиберилди.
Ҳаял-қызлардың дем алыс күнлерин мазмунлы өткериўи ушын 25 хызметкер Хожели районындағы «Назлымхан сулыў», Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына алып барылды.
Сондай-ақ, жумысшылар ушын Самарқанд қаласына саяхат шөлкемлестирилди. Үш күнлик саяхат даўамында олар Мырза Улығбек обсерваториясы, Хожа Данияр, Шоҳи Зинда, Әмир Темир мақбараларында, Ҳазрат Ҳизр комплексинде, Регистан майданында болып, зыярат етти.
Кәрхана жумысшылары арасында спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Район көлеминдеги түрли жарысларға кәрхананың командасы турақлы қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Жақында футбол бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығының кубоги ушын өткерилген жарыста «Елабат» посёлкалық пуқаралар жыйыны командасы биринши орынды ийелеп, республикалық басқышқа жоллама алды.
Мийнет сүйгиш хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мәдений дем алысы ушын кәрхана басшылығы ҳәм кәсиплик аўқам тәрепинен жасларда Ўатанға садықлық, Қураллы Күшлер қатарында хызмет етиў сезимин арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәденият сарайының қосық ҳәм аяқ ойын ансамблиниң концерт бағдарламасы қойып берилди. Онда 300 ден зыят хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзасы қатнасты.
Рамазан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен жәрдемге мүтәж, майыплығы болған шаңарақлардан хабар алынды. Сондай-ақ, 30 хызметкердиң Ташкент қаласына саяхаты шөлкемлестирилди.
Тыныш елге байрамлар жарасады. Ҳәр бир күнимиздиң байрамдай өтиўин, халқымыздың абаданлығы жолында мийнет етиўди өзлериниң күнделикли сүрени етип алған «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасының басшылығы тәрепинен хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының социаллық қорғалыўы турақлы дыққат-итибарда болып келмекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы