Рамазан ҳайыты байрамы алдынан Нөкис қаласындағы «Қум аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Сәлмен ийшан» жаңа мешити ашылды

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда  Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Бауатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары Б.Матмуратов  ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды Рамазан ҳайыты байрамы ҳәм жаңа мешиттиң ашылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде Президентимиздиң басшылығында халықтың динге болған исенимин қанаатландырыў, мусылманшылық парызларын биргеликте атқарыўы ушын шараят жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усындай шараятлардың нәтийжесинде республикамыздың халқы мүбәрек Рамазан ҳайытын көтериңкилик жағдайында өткерди.

Жаңадан пайдаланыўға тапсырылған «Сәлмен ийшан» мешитинде келиўшилер ушын барлық шараят жаратылған. Илажда қурылыс жумысларына өзлериниң қайырқомлық үлесин қосқан бир топар  инсанларға Миннетдарлық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Усы күни жаңа мешитте дәслепки намаз оқылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы