Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде «Роботлар беллесиўи» атамасында фестивал-таңлаўы болып өтти.

«Бес баслама-мектепте» сүрени астында өткерилген таңлаўда қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары, «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери дөгерек ағзалары қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында 2019-жыл 19-март күнги өткерилген видеоселектор мәжилисинде жасларға итибарды күшейтиў, оларды мәденият, көркем өнер, денетәрбия ҳәм спортқа тартыў, мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин сиңдириў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў ўазыйпасы алға қойылған еди.

Бул фестиваль-таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың руўхый санасын раўажландырыў, мәлимлеме технологиялары ҳәм китапқумарлыққа қызығыўшылығын арттырыў, мектептен тыс билимлендириў мәкемелерине оқыўшылардың қамтыўын көбейтиўден ибарат.Таңлаўда роботлардың бийиклиги, кеңлиги ҳәм узынлығына айрықша итибар қаратылды.

Ҳәр бир қатнасыўшы робот карантин аймағына жайластырылды ҳәм 3 раундлы сумо жарысында қатнасты. Төрешилер қурамы олардың шығыўын баҳалап барды.

Фестиваль-таңлаў жуўмағында Кегейли районы «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң дөгерек ағзасы Қудияр Бердимуратов биринши,  Хожели районы «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң дөгерек ағзасы Самандар Камалов екинши, Бозатаў районы «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң дөгерек ағзасы Жанхожа Махамбеталиев үшинши орынларды ийелеп, Өзбекстан басқышына жоллама алды.

 

Жеңимпаз ҳәм белсене қатнасқанларға  шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және естелик саўғалары тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери