Бул системаға муўапық, соның ишинде:
– «Меҳрийбанлық үйлери»ндеги 1,5 мыңға шамалас ул-қызлар шаңарақларға алынды, 116 шаңарақлық үй шөлкемлестирилип, 700 ге шамалас перзентлер ата-ана қушағында камалға келиўи ушын шараят жаратылды.
Оның есабынан, 10 «Меҳрийбанлық үйи», 4 «Балалар қалашасы» ҳәм 2 «Балалар үйлери» жабылды;
– өткен жылы 757 бала турақ жай менен тәмийинленди, 2022-жылдың ақырына шекем және 350 ажыратылады;
– мәмлекет есабынан 4 мыңнан аслам балаларда қурамалы операциялар өткерилди;
– өткен жылы 42 мыңға шамалас майыплығы болған шахсларға https://t.me/Press_Secretary_Uz/1657 алып берилди;
– өткен жылы еситиў қәбилети төмен 555 бала кохлеар имплант пенен тәмийинленди, усы жылы және 250 балаға усындай жәрдем көрсетиледи;
– 4 мың көзи әззи балаларға брайл әлипбеси тарқатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги