«Уллы әййям – Рамазан ҳайыты байрамы алдында жәрдемге мүтәж халқымыздың социаллық қорғалыўын және де күшейтиў мәселелерин көрип шығамыз.

Биз жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында социаллық әдиллик принципи тийкарында халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўды мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары етип белгиледик.

Бул сиясат ҳәзирги күнде қурып атырған халықшыл ҳәм әдил мәмлекеттиң тийкарғы өзгешелигине айланбақта.

Ҳәзирги мүбәрек күнлерде халқымызға тән уллылық ҳәм меҳир-мүриўбет белгиси сыпатында нураныйларымыз, жалғыз ҳәм жәрдемге мүтәж болған апа-сиңлилеримиз, аға-ини ҳәм перзентлеримизге итибар көрсетиў, жағдайынан хабар алып, дәртине дәрман болыў Аллаға да, халқымызға да, әлбетте, унайды деп ойлайман», деди мәмлекетимиз басшысы мәжилис алдында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги