Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басламасы менен пуқаралардың суд-ҳуқық мәселелери бойынша мүрәжатларына унамлы шешим табыў мақсетинде гезектеги көшпели қабыллаўлар усы жылдың 25-27-апрель күнлери аралығында Беруний районының «Қыят», Қоңырат районының «Түркистан», Шымбай районының «Тазғара» аўылларында, Хожели районының «Жанқоңырат» ҳәм Нөкис қаласының «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйынларында болып өтти.
«Инсан қәдири ушын» сүрени астында тийкарынан ең шетки, шегаралас ҳәм социаллық-экономикалық жағдайы аўыр аймақларда өткерилген қабыллаўларда пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатлар тараў басшыларының қатнасыўында додаланып, машқалалар имканияты болғанынша сол жердиң өзинде шешимин тапты.
Үш күнлик қабыллаўларда Бас прокуратура жуўапкерлери тәрепинен 340 мәселениң 143и сол жердиң өзинде шешимин тапты. Бул жерге үлкен үмитлер менен келген пуқаралардың дәрти түрлише болғаны менен оларды әдиллик ҳәм ҳақыйқат шешим табатуғынына деген исеним үмити бирлестирди.
Президент Халық қабыллаўханалары ҳәм 2-секторға турақ жай менен тәмийинлеў бойынша жолланған мүрәжат жергиликли ҳәкимликлер, аймақлық арнаўлы комиссия менен биргеликте көрип шығылып, төрт мүрәжат ийесиниң көп жыллық арзыў-нийетин жүзеге шығарды. Солардың қатарында Хожели районының турғыны Азима Адилова өзиниң 60 жасында турақ жайға ийе болды. Жасы биразға барып қалса да ижарама-ижара жүрген бул пуқараның қуўанышын сөз бенен жеткериў қыйын. Усы жерде Хожели районында аўыр социаллық жағдайдағы және үш пуқара турақ жай менен тәмийинленди.
Хожели районынан Рита Қалбаева Бас прокуратура жуўапкерлерине көп жыллардан берли алимент ала алмай киятырғанлығы туўралы мүрәжат етти. Оның бул мүрәжаты Мәжбүрий орынлаў бюросы хызметкерлери тәрепинен ол күтпеген дәрежеде орынланды. Бурынғы өмирлик жолдасы тәрепинен алимент пулларының есабынан оларға турақ жай алып берилди. Қабыллаў барысында және 11 ҳаялдың алимент пулы өндирилди.
Мүрәжатлардың шешими мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен ийгиликли мақсетлерге уласты. Социаллық жәрдемге мүтәж 7 шаңарақтың перзентине алыс мектеплерге қатнаўы ушын велосипед саўға етилди, усындай 6 шаңарақтың перзентиниң мобилизациялық шақырыў резервинде әскерий хызметин өтеўи ушын төлеми, 7 студенттиң контракт-шәртнама пулы төлеп берилди.
Жоқарғы суд, Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм район судлары жуўапкерлериниң қатнасыўында 236 мүрәжат көрип шығылып, соннан 86 мәселе сол жердиң өзинде шешимин тапты. Жынаят ислери бойынша қалалық ҳәм районлық судлары тәрепинен мүрәжатлар тийкарында өткерилген көшпели суд мәжилислеринде 37 ис көрилди. Бул мүрәжат ийелериниң барлығы айыбын тән алған, соған бола жазаның белгили бир бөлегин өтеген, қылмысына шен кеўилден пушайман болып, дүзелиў жолына түскенлигин айтып, және бир имканият сораған. Суд мәжилислеринде ҳәр бир ис толық көрип шығылып, барлық тәреп тыңланып, аймақлардағы ишки ислер уйымлары пробация топарларының усыныс хатлары тийкарында 28 шахс жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етилди, 8 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасы жеңилиреги менен алмастырылды, тәреплердиң жарасқанлығы мүнәсибети менен бир жынаят иси тоқтатылды.
Пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен мийнет ҳақы, алимент өндириў бойынша 19 мүрәжатшының даўа арзасы қанаатландырылды. Бир қатар шаңарақлар жарастырылып, ажырасыў ҳәм алимент өндириў бойынша ислер ҳәрекеттен тоқтатылды. Нурдәўлет Полатов шаңарақтағы келиспеўшиликлер себепли ажырасыў жағдайына келип қалды, ҳәттеки өмирлик жолдасы үш жасар қызы ушын алимент өндириў ушын судқа арза киргизип те үлгерди. Нурдәўлет бүгинги күнге келип, шаңарағы менен жарасыў тилегин билдирди. Жоғарғы суд жуўапкерлери еки тәреп пенен сөйлесиў жүргизип, оларды келисимге шақырды, солай етип және бир шаңарақ сақлап қалынды.
Ишки ислер министрлиги жуўапкерлери тәрепинен сорастырыў ҳәм тергеў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, пуқаралық, паспорт-виза, мүлклерин алып қойыў ҳәм қайтармаў сыяқлы бағдарларда 140 мәселе көрип шығылып, соннан 53и сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты.
Мүрәжатлар тийкарында ишки имканиятлар есабынан социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерине бийпул рәсмийлестирилген пуқаралық паспортлары, ID карталар, бир топарына майыплық арбашалары, емлениў ушын ордерлер, өзин-өзи бәнт етиў ушын үскенелер, электр печьлери, компьютер комплектлери тапсырылды.
«Инсан қәдири ушын» сүрени астында өткерилген ғалабалық қабыллаўлар шеңберинде республика жумысшы топар ўәкиллери аймақларға шығып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм жасларды кәсип-өнерге оқытыў барысындағы жойбарлардың орынланыўы үйренилди. Бул бойынша көплеген мүрәжатлар унамлы шешимин тапты.
Қабыллаўларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, жергиликли ҳәкимликлер, Әдиллик министрлиги, Салық ҳәм Бажыхана, Миллий гвардия басқармалары жуўапкерлери тәрепинен мүрәжатлар көрип шығылып, халыққа көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Жуўмақлап айтқанда, үш күнлик қабыллаўлар даўамында 1116 мәселе көрип шығылып, соннан 404 мәселе орнында унамлы шешимин тапты, 237 мүрәжатшыға ҳуқықый мәсләҳәт ҳәм түсиник берилди, 475 мүрәжат бойынша жуўапкерлер ҳәм анық мүддет белгиленип, олардың орынланыўы Президент Халық қабыллаўханалары тәрепинен қадағалаўға алынды.
Қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы