Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде мәмлекет басшысы тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында жетилистирилген «Инсан ағзалары ҳәм тоқымалары ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Нызамның нәтийжели орынланыўын тәмиийнлеў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылды.
– Трансплантация процесслерин сапалы әмелге асырыў ушын зәрүр болған нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер ислеп шығылады, – деди Танзила Норбоева. – Трансплантация хызмети халыққа жақынластырылып, аймақларда бул бойынша әмелиятларды сапалы ҳәм нәтийжели жолға қойыў керек. Барлық аймақларда бүйрек трансплантациясы әмелиятын жолға қойыў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги