14-апрель күни пайтахтымыз Нөкис қаласында «Нураныйларды қәдирлеймиз» сүрени тийкарында «Үш әўлад ушырасыўы» болып өтти.
Ушырасыўда көп жыллар даўамында мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық тараўларында жемисли мийнет еткен, келешек әўладлар ушын үлги есапланған елимиз нураныйлары жаслар қатнасыўында үлкен ҳүрмет-иззетке бөленген ҳалда күтип алынды.
Миллийлигимиздиң нышаны болған қараүйлер тигилип, оларда дастурханлар жайылды. Қараүйлер алдында көп миллетли, аўызбиршиликли Қарақалпақстандағы қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, корейс ҳәм басқа да миллет ўәкиллериниң көргизбелери шөлкемлестирилип, миллий қосықлары, аяқ-ойынлары атқарылды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри Т.Худайбергенов қатнасып, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен нураныйлар, ветеранларды қоллап-қуўатлаў, олардың турмыслық тәжирийбесин жасларға үлги етип көрсетиўде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында атап өтти.
Ушырасыўда үш әўлад ўәкиллери бир дастурхан әтирапында қызғын сәўбет қурып, пикир алмасты, жасыүлкенлер жасларға өмирлик тәжирийбелери менен бөлисти.
Илаж республикамыздың көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.