Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Заманагөй медициналық хызметлердиң көлемин кеңейтиў, мәмлекетлик емес медицина шөлкемлериниң жумысын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, 2022-жыл 18-март күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президенитиниң денсаўлықты сақлаў тараўының ўәкиллери менен жаңа форматтағы «Медицинадағы реформалар – инсан қәдири ушын» атамасындағы ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Жоқары маман ҳәм қәнигели кадрлар категориясына кирмейтуғын басқа сырт ел пуқарасы болған шыпакерлер ушын Өзбекстан Республикасы аймағында жумысын әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын тастыйықлаў хаты бергени ушын жыйым муғдары 6 есеге азайтылып, базалық есаплаў муғдарының 5 есеси муғдарында өндирилетуғыны;

Өзбекстан Республикасына қысқа мүддетке (бир айға шекем), соның ишинде, диагностика және емлеў әмелиятларын орынлаў, тәжирийбе алмасыў бағдарламаларын, шеберлик сабақларын өткериў ҳәм баянатлар оқыў, хызметкерлердиң маманлығын арттырыў мақсетинде келип атырған сырт ел қәнигелерине Өзбекстан Республикасы аймағында жумысын әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын тастыйықлаў хатын алыў талап етилмейтуғыны;

Өзбекстан Республикасы  аймағында турақлы жасаў орнына ийе болмаған сырт ел пуқаралары және пуқаралығы болмаған адамлардан емлеў мәкемелери тәрепинен өндирилетуғын туристлик (мийманхана) жыйымы бийкар етилетуғыны;

емлеў мәкемелери (санаторий ҳәм пансионатлар буған кирмейди) ушын туристлик хызметлерди сертификатластырыўға болған талап бийкар етилетуғыны. Онда, емлеў мәкемелери тәрепинен келиўшилерди есапқа алыў автоматластырылған арнаўлы бағдарлама арқалы электрон тәризде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-апрельдеги «Денсаўлықты сақлаў тараўында жеке секторды буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2863-санлы қарарында нәзерде тутылған юридикалық шахслар тәрепинен, соның ишинде, лизинг шәртнамасы тийкарында алып келинетуғын жаңа медициналық әсбап-үскенелер, комплектлеўши буйымлар ҳәм олардың аўысық бөлеклери және жумсаў материаллары ушын бажыхана жеңилликлериниң әмел етиў мүддети 2025-жыл 1-январьға шекем создырылсын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң медицина әсбапүскенелери ҳәм буйымларының аўысық бөлеклерин және медицина мақсетлери ушын жумсаў материалларын орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлерге тийкарланып, 2025-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўде қосымша қун салығынан азат етиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнттен келип шығып, Салық кодексине 2025-жыл 1-январьға шекем қосымша қун салығынан азат етиў бойынша жеңилликлерди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң медицина хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў сситемасын жетилистириў бойынша төмендеги усыныслары мақуллансын:

мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң клиникалық базаларын шөлкемлестирип, оларда шыпакер ҳәм мийирбийкелердиң маманлығын арттырыў және қайта таярлаў;

қәнигелик категиориясын алыў ушын талап етилетуғын мийнет стажының мүддетин қысқартқан ҳалда, категориясыз хызметкерлерге 3 жыл, биринши категория ушын – 5 жыл, жоқары категория ушын – 7 жыл етип белгилеў.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети және Қурылыс министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте тийисли нормативлик ҳүжжетлерге жеке медициналық жумыс пенен шуғылланатуғын шөлкемлер ушын лицензия алыўда санитария ҳәм қурылыс талапларын жеңиллетиў бойынша өзгерислер киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев белгиленсин.
  5. Пәрманның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 11-апрель