Президентимиздиң басламасы менен басланған ҳәм ҳәзирги ўақытта шөлкемлескенлик пенен өткерилип атырған «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңбериндеги илажлар даўам етпекте. Усындай илажлардың бири Мойнақ районында әмелге асырылды.

Усы басламаға муўапық, бул жерге Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик резервлерди басқарыў комитетине қараслы «Батыс мәмлекетлик кәрханасы» хызметкерлери келип, олар тәрепинен көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды.

– Биз бул жерде аймақларды шығындылардан тазалап, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызыў жумысларын алып бармақтамыз,-дейди кәрхана директоры, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң депутаты А.Матжанов. – Себеби, ана тәбиятымыздың жап-жасыл липасқа бөлениўи әтирапқа көрик бағышлаўы менен бирге, әлбетте, экологиялық жағдайды жақсылаўға да хызмет етеди.

Бул илажға кәрхана хызметкерлери, ӨзЛиДеП белсендилери ҳәм аймақ турғынларын қосқанда жәми 100ге шамалас адам қатнасты. Жәми 200ден аслам терек нәллери егилип, абаданластырыў илажлары әмелге асырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги