Әндижан ўәлаятының ҳәкими Шуҳратбек Абдурахманов басшылығындағы делегация өткен шемби ҳәм екшемби күнлери республикамызда болып, Кегейли районында әмелге асырылып атырған жойбарлар, олардың орынланыў барысы менен танысып, бир қатар мәдений илажларда қатнасты.

Нөкис халықаралық аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев салтанатлы  түрде күтип алды.

Мийманлар дәслеп «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қурылыўы режелестирилген «Макро Фарм Әндижан» жуўапкершилиги шекленген жәмийети фармацевтика жойбарының ирге тасын қалаўға қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Әндижан ўәлаятының ҳәкими Ш. Абдурахманов қурылыстың ирге тасын қойды. Медицина буйымларын, соның ишинде, шприц ҳәм инфузиялық система ислеп шығаратуғын, улыўма баҳасы 6 миллион АҚШ доллары болған заводтың иске түсирилиўи менен 100 жаңа жумыс орны жаратылады. Бул жерге Қытайда ислеп шығарылған заманагөй үскенелер орнатылады.

Буннан кейин «Бахытлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Заҳириддин Муҳаммед Бабур» атындағы мәлимлеме китапхана орайының ашылыў салтанаты болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Әндижан ўәлаятының ҳәкими Ш. Абдурахманов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа орайдың ашылыўы менен қутлықлады. Район жасларының тилек-өтинишлерин есапқа алған ҳалда қурылған имараттың улыўма баҳасы 5 миллиард сумды қурайды. Барлық қолайлықларға ҳәм жәми 20 мыңнан аслам китап қорына ийе орайда бир ўақыттың өзинде 150 китапқумарды қабыл етиў мүмкиншилиги бар.

Делегация ағзалары республикамыздың басшылары менен биргеликте «Халқабад» мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. Аймақтағы 5 километр узыңлықтағы ишки жолларды оңлаў, 100 шаңараққа ыссыхана ҳәм таўық кетеклерин қурып бериў, жумыссызларды бәнт етиў мақсетинде таўық ҳәм ешки менен тәмийинлеў бойынша алып барылған жумысларды көзден өткерди. Шаңарақларда болып, турғынлар менен сөйлесилди. Олардың өтиниш-тилеклери тыңланды. Келешектеги режелер менен таныстырылды.

Буннан кейин мийманлар районның ең шетки аймақларынан бири «Қумшүңгил» аўыл пуқаралар жыйынында болды. Бул жерде Әндижан ўәлаятынан бириктирилген Қорғантепа районы ҳәкимлиги тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў бойынша алып барылған жумыслар  ҳәм аймақтағы 24-санлы улыўма билим бериў мектебин абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары менен таныстырылды.

Сапар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Әндижан ўәлаятының ҳәкими Ш.Абдурахманов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев районда шөлкемлестирилген ўәлаят штабында болып, 2022-2023-жылларда әмелге асырыў режелестирилген жойбарлар менен жақыннан танысты.

Президентимиздиң тапсырмасына муўапық халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықты қыйнап киятырған ҳәр қандай машқалаларды унамлы шешиў мақсетинде Кегейли районына Әндижан ўәлаяты бериктирилген еди. Әндижанлы исбилерменлер тәрепинен 2022-2023-йилларда улыўма баҳасы 608,9 миллиард сум болған 24 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.

Президентимиздиң басламасы менен енгизилген ҳәким жәрдемшилериниң «Мәҳәлле кесими» тийкарында жумысларының нәтийжелери көзден өткерилди. Белгиленген режелердиң ўақтында орынланыўы бойынша ўазыйпалар белгиленди.

-Кегейли районындағы барлық 16 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынына ҳәким жәрдемшилери бириктирилип, олар менен биргеликте хатлаў жумыслары алып барылды,-дейди Мәҳәлле системасында ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги Әндижан ўәлаяты басқармасының баслығы Акмалжон Туланов.- Мәҳәлле кесиминде алып барылған жумыслар нәтийжесинде районда 2935 жумыссыз пуқара бар екенлиги анықланды. Олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәнзилли бағдарлама ислеп шығылды. Атап өтиўимиз керек, бүгин ирге тасы қаланған фармацевтика кәрханасы қурылысында 50 адам, тийкарынан район жаслары турақлы, 200 адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленеди. Әлбетте, Кегейли районын жақын арада кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыўға ўәлаятымыз өзиниң салмалы үслесин қосады.

Делегация ағзалары райондағы денсаўлықты сақлаў мәкемесинде ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде де болды. Әндижан ўәлаятынан  келген 47 жетик қәниге халықты тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерди. Әндижан мәмлекетлик медицина институтының профессор-оқытыўшылары тәрепинен  30 наўқасқа қурамалы операция исленди. Усы күни «Гүжим терек» мәкан пуқаралар жыйынындағы 69-санлы шаңарақлық поликлиникада усы аймақтағы майыплығы болған пуқараларға  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң атынан 11, Әндижан ўәлаятының ҳәкими 6 майыплық арбашасы ҳәм 14 еситиў аппараты тапсырылды. Сондай-ақ, 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде орнатылған суўды душшыландырыўшы үскенениң абзаллықлары менен танысты. Әндижан ўәлаяты Мектепке шекемги билимлендириў басқарамасы қәнигелериниң атап өткениндей, ўәлаят ҳәкими тәрепинен райондағы 13 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине усындай үскене саўға етиледи.

«Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Аналар бағы» шөлкемлестирилди. «Аналар жасыл мәкан ушын» сүрени астында өткерилген илажда республикамыз ҳәм Әндижан ўәлаяты ҳаял-қызлары тәрепинен 100 түптен аслам мийўели терек нәли егилди.

Буннан кейин мийманлар район орайында жақында пайдаланыўға  тапсырылған «Нуранийлар мәсканы» комплексинде болды. Бул жерде кексе әўлад ўәкиллериниң дем алыўы, спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараят жаратылған. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Әндижан ўәлаятының ҳәкими Ш. Абдурахманов шараятлар менен танысып, нуранийлар менен сәўбетлести. Олардың пикир-усынысларын тыңлады.

Район орайындағы орайлық стадионда Әндижан ўәлаяты ҳәм Кегейли жасларының форумы болып өтти.

Дәслеп пуқаралар жыйынлары жаслары арасында Әндижан ўәлаяты ҳәкиминиң кубоги ушын өткерилген «Зәкаўат» интеллектуаллық ойынының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Бул беллесиўде «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйынының жаслары жеңимпаз болды. Оларға кубок, естелик саўғалары ҳәм Әндижан ўәлаятына бийпул жоллама тапсырылды.

Сондай-ақ, Әндижан ўәлаяты ҳәкиминиң сыйлығы ушын улыўма билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класс оқыўшылары арасында математика пәнинен олимпиада өткерилген еди. Илажда усы  олимпиада жеңимпазлары да сыйлықланды. Атап айтқанда, 9-класс оқыўшылары арасында 1-санлы мектептиң оқыўшысы Гүлбану Жаңабаева, 10-класс оқыўшылары арасында 38-санлы мектептиң оқыўшысы Индира Сатниязова, 11-класс оқыўшылары арасында 5-санлы мектептиң оқыўшысы Батырбек Саршаев биринши орынларды ийеледи. Биринши орын ийелерине ноутбук, екинши ҳәм үшинши орын ийелерине планшет саўға етилди.

Мәкан пуқаралар жыйынлары жаслары арасында футбол бойынша өткерилген жарыс жеңимпазлары сыйлықланды. Әндижан ўәлаяты ҳәкиминиң кубоги ушын өткерилген жарыста «Жылўанжап» мәкан пуқаралар жыйыны командасы биринши, «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйыны командасы екинши, «Абат мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны командасы үшинши орынларды ийеледи. Биринши орынды ийелеген команда ағзаларына кубок ҳәм 100 миллион сўм, екинши орынды ийелеген команда ағзаларына 50 миллион сўм, үшинши орынды ийелеген команда ағзаларына 25 миллион сўм ақшалай сыйлық тапсырылды. Буннан тысқары, районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен 50 миллион сумлық инвентарлар тапсырылды. Барлық саўғаларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Әндижан ўәлаятының ҳәкими Ш. Абдурахманов биргеликте тапсырды.

Илаж Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Әндижан ўәлаяты көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы гала концерт пенен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрнетлери.