Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Наўайы ўәлаятында жоқары маманлықтағы, терең теориялық билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе, экономика тармақларының турақлы раўажланыўына мүнәсип үлес қоса алатуғын, мийнет базарында өз орнын таба алатуғын жоқары қәнигеликтеги инженер кадрлар таярлаў системасын жолға қойыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-октябрьдеги ПП-5847-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын избе-из тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети (кейинги орынларда – Университет) етип қайта шөлкемлестирилсин.
  2. Университет жумысының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

санаат, техника-технология, инженерлик тараўлары ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыў;

жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен қоспа билимлендириў бағдарламалары ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, билимлендириў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм аралықтан билимлендириў технологияларын, илим техникасының жаңа жетискенликлерин енгизиў;

заманагөй оқыў ҳәм илимий лаборатория базасын қәлиплестириў, экономика тармақларының раўажланыўы ушын жаңа қолланбаларды жаратыў, студентлерге билимлендириў процесинде илимий жумыс пенен шуғылланыў ушын шараят жаратыў;

санаат шөлкемлериниң машқалаларын шешиўге қаратылған илимий, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди раўажландырыў, изертлеў нәтийжелери ҳәм алдынғы технологияларды әмелиятқа енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

билимлендириў ҳәм илимий излениўлер процесине маман қәнигелерди тартыў, республикалық ҳәм жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий орайлар ҳәм өндирис кәрханалары менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў;

оқыў процесине халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиў, студентлердиң теориялық билимлериниң өндирис әмелияты менен үзликсиз байланыслылығын тәмийинлеў, питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў бойынша мақсетли бирге ислесиўди жолға қойыў;

студентлерде жоқары руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин раўажландырыў, Ўатанға муҳаббат, оның тәғдирине қол қатылмаслық, кәсипке садықлық сезимин беккемлеў, тәлим-тәрбия процеси ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў;

оқыў процесин студентлерде еркин билим алыў, системалы таллаў, дөретиўшилик пикирлеў ҳәм әмелий, соның ишинде, исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириўге бағдарлаў;

илимий-педагогикалық потенциалды арттырып барыў, соның ишинде, профессор-оқытыўшылардың стажировкасы ҳәм маманлық арттырыўын абырайлы республикалық ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў орайларында шөлкемлестириў.

  1. Университет жанында төмендегилер шөлкемлестирилсин:

а) Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалы негизинде – Нөкис кәншилик институты;

б) «Наўайы» илимий-технологиялық санаат парки;

в) 2022-2023-оқыў жылында:

Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Кармана хызмет көрсетиў ҳәм сервис техникумы негизинде – Кармана политехника техникумы;

«Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы системасындағы Нурата санаат-кәншилик колледжи негизинде – Ғазған политехника техникумы.

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты жанындағы Үшқудық санаат техникумы ҳәм Зарафшан санаат техникумы Университет қурамына өткерилсин.

  1. Университеттиң жумысын муўапықластырыў бойынша басқарма кеңеси (кейинги орынларда – Басқарма кеңеси) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Басқарыў кеңесине (Қ.С.Санакулов):

а) төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

Университеттиң жақын, орта ҳәм узақ мүддетке мөлшерленген раўажландырыў бағдарламасын, финанслық жыл ушын мөлшерленген бизнес-режесин, дәрамат ҳәм қәрежетлер параметрлерин тастыйықлаў және олардың орынланыўын қадағалаў;

Университетте билимлендириў процесиниң әмелият пенен үзликсизлигин, атап айтқанда, студентлердиң оқыў процесинде алған теориялық билимлери өндирислик әмелият пенен тығыз байланыслылығын тәмийинлеў;

Илимлер академиясы илимий мәкемелер ҳәм тармақ илимий-изертлеў институтлары менен бирге ислесиўде илимий мектеплерди раўажландырыў;

Университеттиң билимлендириў ҳәм изертлеў процесслерине маман сырт ел қәнигелерин тартыў, сондай-ақ, жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеў мәкемелери менен нәтийжели байланыслар орнатыў;

Университеттиң илимий-изертлеў ҳәм қолланбалар трансфери процесслерин раўажландырыў ҳәм илимий-изертлеў ҳәм инновациялық қолланбалар бойынша буйыртпашылар менен пайдалы бирге ислесиўин орнатыў;

билимлендириў ҳәм изертлеў процесслерине инвестицияларды тартыў, илимий өнимлерди коммерцияластырыў, стартаплар ҳәм акселератор жумысларын жолға қойыў;

б) төмендеги ўәкилликлер берилсин:

билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў процесслерине тартылған сырт елли қәнигелердиң мийнетине ҳақы төлеў муғдарларын базар конъюнктурасынан келип шығып белгилеў;

жумыс бериўшилердиң талапларын есапқа алған ҳалда, оқыў режелериндеги теориялық билимлендириў үлесин қысқартыў есабынан әмелий сабақлардың көлемин арттырыў, ҳәптеде бир күнлик әмелият тәжирийбесин қолланыў;

Университет ректоры ҳәм проректорларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў бойынша усыныс киргизиў;

Университет ҳәм оның қурамағындағы билимлендириў шөлкемлериниң структураларын тастыйықлаў;

Университеттиң шөлкемлестириўшилик структурасына бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қаржыландырылатуғын жаңа лаўазым ҳәм структуралық бөлимлер ҳәм қосымша штат бирликлерин енгизиў.

  1. Университет мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасында жумыс алып баратуғыны;

Университет ҳәм оның жанындағы Нөкис кәншилик институтына студентлерди қабыллаў параметрлери ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы шеңберинде анықланатуғыны;

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты ҳәм оның Нөкис филиалының студентлери оқыўын тийислилиги бойынша Университет және оның жанындағы Нөкис кәншилик институтында даўам еттиретуғыны;

Университет жанындағы техникумларда санаат, кәншилик, металлургия, машина қурылысы, қурылыс, энергетика, электротехника, хызмет көрсетиў сыяқлы бағдарларда кадрлар таярлаў жолға қойылатуғыны;

Кармана хызмет көрсетиў ҳәм сервис техникумы ҳәм Нурата санаат-кәншилик колледжинде билим алып атырған оқыўшылардың оқыўын питкергенине шекем усы билимлендириў мәкемелеринде әмелдеги билимлендириў бағдарламалары бойынша оқыўын даўам еттиретуғыны;

Университет, оның жанындағы Нөкис кәншилик институты, Кармана ҳәм Ғазған политехника техникумлары тийислисинше Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты, оның Нөкис филиалы, Кармана хызмет көрсетиў ҳәм сервис техникумы ҳәм Нурата санаат-кәншилик колледжиниң ҳуқықлары, миннетлемелери менен шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасқоры болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университетиниң жумысын жолға қойыў және оны 2026-жылға шекем комплексли раўажландырыў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университетин 2026-жылға шекем раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық;

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университетинде шөлкемлестирилетуғын бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң дизими 4-қосымшаға муўапық;

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университетиниң бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин әмелият өтеў объектлери бойынша илимий-изертлеў мәкемелери, тармақ кәрханалары ҳәм шөлкемлерине бириктириў кестеси 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Университетке төмендеги ҳуқықлар берилсин:

халықаралық тән алынған шөлкемлердиң әмелдеги рейтингинде жоқары билимлендириў мәкемелери арасында биринши 1 000 лыққа кирген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемесиниң бағдарламасы тийкарында өз билимлендириў бағдарламаларын қәлиплестириў;

Университеттиң жумыс бағдарлары бойынша мәсләҳәт ҳәм эксперт-аналитикалық хызметлерди шәртнама тийкарында көрсетиў, сондай-ақ, усынылатуғын хызметлерди нәтийжели әмелге асырыў илимий-изертлеў ҳәм инновациялық хызмет көрсетиўши кәрханаларды шөлкемлестириў;

билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў процесине сырт ел қәнигелерин тартыў және оларға Басқарма кеңеси тәрепинен белгиленген муғдарда Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылар есабынан айлық мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди төлеў;

профессор-оқытыўшыларды оқыў-методикалық, илимий-изертлеў жумыслары ҳәм «устаз-шәкирт» системасы бойынша орынланған жумыслардың нәтийжеси бойынша хошаметлеп барыў.

  1. Университеттиң жумысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер, грантлар ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
  2. «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ ҳәм «Наўайы кән-металлургия комбинаты қоры» мәмлекетлик мәкемесиниң;

Университетте билимлендириў процесиниң өндирис пенен үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм Университет жанында «Наўайы» илимий-технология санаат паркин жайластырыў мақсетинде «Наўайы машина қурылысы заводы» өндирислик бирлеспеси автооңлаў цехы 2-корпус имаратын үскенелер менен биргеликте Университетке оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул бериў;

өз қаржылары есабынан Университет ҳәм оның жанындағы Нөкис кәншилик институтының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў, профессор-оқытыўшыларды материаллық хошаметлеў, сондай-ақ, оқыў ҳәм илимий-изертлеў жумысын раўажландырыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ, «Наўайыазот» АЖ, «Наўайы ыссылық электр станциясы» АЖ, «Наўайыуран» МК ҳәм аймақтағы басқа да санаат кәрханалары менен биргеликте:

Университеттиң бакалавриат басқышы жоқары курс студентлерин ҳәм магистрантларды мийнет ҳақы төленетуғын система арқалы бәнт етиў, соның ишинде, оларға әмелият өтеў дәўиринде ҳақы төлеў системасын енгизиў;

Университет профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий хызметкерлерине өндирис кәрханаларында стажировка өтеў ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў ушын шараят жаратыў илажларын көрсин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

а) 2022-2023-оқыў жылына шекем:

Университетти таңлаў тийкарында өндирислик шөлкемлер, жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде үлкен илимий ҳәм (ямаса) әмелий тәжирийбе арттырған қәнигелер, тийкарғы тәризде, илимий дәрежеге ийе болған жоқары маман кадрлар менен толықтырыў илажларын көрсин;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Илимлер академиясы менен биргеликте Университеттиң қәнигелескен факультет ҳәм кафедраларын сәйкес бағдарлар бойынша мәмлекетлик үлеске ийе ири хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм илимий-изертлеў институтлары менен бирге ислесиўин жолға қойыў бойынша «жол картасы»н тастыйықласын;

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Университетти жоқары тезликтеги Интернет тармағына жалғаў ҳәм зәрүр телекоммуникация үскенелери менен тәмийинлеў илажларын көрсин;

б) Инновациялық раўажланыў министрлиги, «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ, «Наўайыазот» АЖ, «Наўайыуран» МК менен биргеликте:

2022-2023-оқыў жылына шекем Университет жанындағы «Наўайы» илимий-технологиялық санаат паркин заманагөй лаборатория үскенелери менен тәмийинлесин ҳәм оның жумысын жолға қойсын;

2023-2024-оқыў жылынан баслап Университет жанындағы «Наўайы» илимий-технологиялық санаат паркинде жетекши сырт ел изертлеў орайлары ҳәм маман сырт ел илимпазларының қатнасыўында илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыўды жолға қойсын;

в) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте Университеттиң илимий потенциалын арттырыў мақсетинде 2022-2023-оқыў жылынан баслап жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде тийисли магистратура қәнигеликлери ҳәм 2023-жылдан баслап таяныш докторантурада кадрларды мақсетли таярлаў илажларын көрсин;

г) Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте Университетте 2023-2024-оқыў жылынан баслап жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте техника бағдары бойынша қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлаўды жолға қойсын;

д) Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте Университет жумысын қоллап-қуўатлаў ушын халықаралық финанс институтлары, донорлар ҳәм басқа да сырт ел шөлкемлериниң қаржыларын тартыў илажларын көрсин;

е) ҳәр жылы инвестициялық бағдарламаға киргизиў ушын Университет ҳәм оның жанындағы Нөкис кәншилик институтының имарат ҳәм объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумысларын тараўға ажыратылған лимитлер шеңберинде әмелге асырыў бойынша Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине усыныслар берип барсын.

  1. Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги Университетке өз жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жаңа имарат және объектлерди қурыў ушын зәрүр жер майданларының турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында белгиленген тәртипте ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Нөкис темир жол транспорты колледжи имаратын Университет жанындағы Нөкис кәншилик институтына оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул бериў және оны усы колледждиң имараты ҳәм объектлерине бийпул жайластырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  3. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошкулов, «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ басқармасының баслығы Қ.С.Санакулов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 31-март