Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 2-декабрьде жәрияланған «Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, агентлигимиз тәрепинен жер жүзиндеги жетекши мәлимлеме агентликлери менен информация алмасыў тараўында бирге ислесиў орнатыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгин әне усы бағдарда гезектеги қәдем қойылды. Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның елимизге мәмлекетлик сапары шеңберинде Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА ҳәм Түркияның Анадолу агентлиги – АА арасында Бирге ислесиў келисимине қол қойылды.

Мәмлекетлеримиз арасындағы тығыз байланысларға сүйенип, еки елде және жер жүзинде жүз берип атырған ўақыялар ҳаққында турақлы исенимли мағлыўмат алмасыў мақсетинде жолға қойылып атырған бирге ислесиўди тәмийинлейтуғын бул әҳмийетли ҳүжжетке ӨзА ның атынан Бас директор Абдусаид Кўчимов ҳәм АА тәрепинен Анадолу мәлимлеме агентлиги басқарыў кеңесиниң баслығы – Бас директор Сердар Карагўз қол қойды.

Ҳәммемизге белгили, ӨзА мәмлекетимиздиң бирден-бир рәсмий мәлимлеме дәреги ҳәм мәмлекеттеги жетекши мәлимлеме агентлиги. Мине, усындай Анадолу да туўысқан Түркияның тийкарғы мәлимлеме узатыўшы уйымы болып есапланады.

Ҳәзирги күнде ӨзА Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик уйымларының жумысы ҳәм мәмлекеттеги әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыяларды толық жаратып келмекте. Агентликтиң ўәлаятлардағы хабаршылар тармағы елимиздиң барлық аймақларындағы өзгерислер, жаңалықлар ҳаққында оператив ҳәм ҳақыйқый мәлимлеме узатыў имканиятын бермекте. ӨзА жаңалықлары, аналитикалық мақалалары ҳәм басқа да ҳәр қыйлы жанрлардағы материаллары өзбек, рус, инглис, француз, немис, испан, араб, қазақ ҳәм қытай тиллеринде тарқатылады.

Резиденциясы Анқара қаласында жайласқан «Анадолу» ҳәзирги күнде дүньяның жетекши мәлимлеме агентликлеринен бири сыпатында тән алынады. 30 дан аслам мәмлекетте бөлимлери  ашылған АА түрк, албан, инглис, араб, босния, курд, македон, парсы, рус, француз тиллеринде жумыс алып барады.

Бул келисимге қол қойылыўы жаңа басқышқа көтерилип атырған Өзбекстан ҳәм Түркия Стратегиялық шериклигин, халықларымыз арасындағы әзелий дослық байланысын және де беккемлеўге, сырт еллерде мәмлекетлеримиз ҳаққында әдил мәлимлеме тарқатыў ҳәм елимиздиң абырай-мәртебесин және де жоқарылатыўға хызмет ететуғынына исенемиз.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ, ӨзА