Хабар берилгениндей, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар «Мәмлекетлик кадастрлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда концептуаллық жақтан көрип шықты.

Атап өтилгениндей, нызам жойбары менен Кадастр агентлиги Миллий географиялық мәлимлеме системасын жүргизиў тараўында арнаўлы ўәкилликли уйым болып есапланатуғыны, мәмлекетлик кадстрлардың мағлыўматлары Миллий географиялық мәлимлеме системасына тек ғана телекоммуникация тармақлары арқалы мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел еткен ҳалда тиккелей берилип барылатуғыны нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системаға киргизилетуғын мәмлекетлик кадастрлардың мәлимлемесин усыныў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғыны жойбарда өз көринисин таппақта.

Депутатлардың атап өтиўинше, нызам жойбарының қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасы ҳәм оның айырым аймақларының тәбийғый-экономикалық потенциалын бирден-бир улыўма мәмлекетлик есап-санақ жүргизилиўин, баҳаланыўын тәмийинлеўге қаратылған мәлимлеме системалары, олардан сақланатуғын, жүргизилетуғын мағлыўматлардың анықлығын арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте нызам жойбары биринши оқыўда концептуаллық жақтан қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы