«Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы жумысының материаллық-техникалық тәмийнатын буннан былай да жақсылаў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-180-санлы, 25.03.2022 ж.) қабыл етилди.

Қарар менен Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайында Инсан ҳуқықлары бойынша мәлимлеме-китапхана орайы – «Инсан ҳуқықлары үйи» шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, Орайға төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленди:

– инсан ҳуқықлары тараўында илимий-ҳуқықый базаны системаластырыў, оқыў, илимий-методикалық ҳәм ғалабалық басылымлар ҳәм халықаралық шәртнамалардың мәмлекетлик тилдеги топламлары турақлы басылыўын тәмийинлеў;

– инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы реформалардың хронологиясын жүргизиў, пуқаралар ҳәм илимий изертлеўшилерге инсан ҳуқықлары бойынша системаласқан илимий-ҳуқықый дәреклерден пайдаланыў ушын кеңнен имканиятлар жаратыў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги