22-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған үлкен табыслар, туўысқан түркмен халқына парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

Еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Конструктивлик сийсий қарым-қатнас ҳәм нәтийжели уйымлараралық байланыслар раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми артып бармақта, «Хорезм-Ташаўыз» шегара алды саўда зонасын шөлкемлестириў жойбары биргеликте әмелге асырылмақта. Энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы кооперация беккемленбекте. Октябрь айында пайтахтымызда Түркменстан мәденияты күнлери өткериледи.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери Орайлық Азияда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди, соның ишинде, әмелдеги көп тәреплеме форматлар шеңберинде кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысты.

Телефон арқалы сөйлесиўдиң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президенти ҳәм халқын болажақ Ғәрезсизлик күни менен шын кеўилден қутлықлады.

ӨзА