Республикалық «Жеткиншек» балалар ҳәм жас өспиримлер газетасының арнаўлы хабаршысы Бегис Султамуратов Германия Федеративлик Республикасының Сыртқы мәдений байланыслар институты (Institut fur Auslandsbeziehungen) тәрепинен ҳәр жылы турақлы түрде 30 дан аслам мусылман мәмлекетлер арасында жәрияланатуғын «Kross Kultura Praktika-2017» жойбарында ғалаба хабар қураллары тараўы бойынша жеңимпаз болып, Германияда 3 ай әмелият өтеп қайтты.

Кәсиплесимиз әмелият өтеў шеңберинде Фрайбург қаласындағы «Драйкланд» радиосы ҳәм Маинз қаласындағы германиялы балалардың сүйикли басылымы «Крушел» газетасының жумысы менен кеңнен танысты. Биз Б.Султамуратовтың тәжирийбе топлаў барысындағы тәсирлери менен қызықсындық.

– «Ғәрезсиз қала» деген мәнисти аңлататуғын Фрайбург қаласы өзиниң тарийхый «Манстер» имараты, «Шаусинланд» қысқы спорт комплекси ҳәм «Блак Форест» тоғайы менен бәрқулла туристлерди өзине шақырып турады, – дейди ол. – Өз еситтириўлерин он жети тилде алып баратуғын «Драйкланд» радиосы мине,  усы қалада жайласқан болып, оған 1977-жылы тийкар салынған. 40 тан аслам дөретиўши жумыс ислейтуғын радио жәмәәти мени жыллы жүз бенен күтип алып, қызықтырған сораўларыма толық ҳәм әмелий түрде жуўап алдым.

Бүгинги баспасөз  журналистикасының атасы Йохан Гуттенберг туўылған Маинз қаласындағы жергиликли балалардың «Крушел» газетасы да менде үлкен тәсир қалдырды. Ева Фаус редакторлық ететуғын бул басылым 2000-жылдың бержағында шөлкемлестирилген болып, мен оған «Жеткиншек» газетасының шөлкемлестирилгенине дерлик 85 жыл толатуғынын айтқанымда ол ҳайран қалғанын жасыра алмады.

Сондай-ақ, кәсиплесимиз германия халқының көркем өнери менен мәденияты, үрп-әдетлери ҳәм миллий дәстүрлери менен танысыў барысында ол ҳәр қыйлы семинарларда қатнасып, Өзбекистан ҳәм оның миллий өзгешелиги, елимиздеги миллетлераралық дослық, миллий кийимлеримиз бенен тағамларымыз және Республикамыздағы көп санлы балалардың ҳәм жас өспиримлердиң сүйикли газетасы болған «Жеткиншек» газетасы туўралы баянат жасады.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен талантлы жас кадрлардың маманлығын арттырыў, олардың шет елде тәжирийбе алмасыўын тәмийинлеў бағдарында елимизде көплеген илажлар әмелге асырылып атырғаны бәршемизге белгили. Бул илажлар келешекте өзиниң унамлы нәтийжесин беретуғыны сөзсиз, әлбетте.

– Ҳәзирги ўақытта өзим ислеп атырған «Жеткиншек» газетасының дәрежесин буннан былай да көтериў, газетамызға балаларды еле де қамтыў бойынша усы жыйнаған тәжирийбелерим тийкарында  медиа жойбарларды режелестирип атырман, – дейди Б.Султамуратов.

Мағлыўмат орнында айтатуғын болсақ, инглис тилин жетик билетуғын Б.Султамуратов Европа аўқамының «Erasmus+» бағдарламасының «UzHELTH» жойбарында жеңимпаз болып 2015- ҳәм 2016-жылда Португалия, Италия, Словакия ҳәм Белгия мәмлекетлеринде кәсиплик билимин жетилистирип қайтқан еди.

Ч,ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги