Журналист жайлы болған пуқаралардың сезимлери менен ортақласты

 

Бурын хабар етилгениндей, пайтахтымыздағы 20-санлы «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға ҳәм майыплығы болған шахсларға 42 квартиралы жаңа турақ жай пайдаланыўға тапсырылған еди.

– Жай бериледи, деген хабарды еситкенимде жер баўырлап, қуўанғанымнан толып-тасып жыладым, – дейди 70 жастағы Гүлайда Парахатова.

Балам демқыспа аўырыўына шатылды. Группаға шығара алмадық. Өзлеримиз 30 жылдан берли ижарада жүрдик, адамлардың қараўсыз қалған, тасланды үйлеринде жасадық.  Баламның топар майыбы болып дизимге алыныўы  ушын 4 рет  емлеўханада жатыўы керек екен. 3 рет Ташкентте жатып қайттық, жол ҳақы, алатуғын дәрилерине, жататуғын емлеўханасына қәрежет, оның үстине жудырықтан бурын жетип келетуғын ижара ҳақы бизлерди шаршатқан еди. Қурбым жетпей топарға да илинбей қалдық. Ерим екеўимиздиң напақамыз күнимизге ғана жарап тур. Жейтуғын бир тислем нанымыз уўайым. Жақында 1 бөлмели  жай берилди. Президентимизге буның ушын мың мәрте рахмет. Бизиң де көз жасымызды көретин адам бар екен!

***

– 15 жылдан берли аўырыўға шатылып, жүре алмай қалдым. 10 жылдан аслам ўақыт қызым менен жайсыз, ижарада турдық, – дейди Наргиза Икметуллаева 1-топар майыбы. Ижараға, дәрилериме қәрежет таба алмай көп қыйналдым.  Жай береди, деп ҳеш ойламаған едим. Буның ушын Президентимизге мың мәрте рахмет айтаман.

***

– Күйеўим менен ажырасқанбыз, 4 балам менен бирге қалдым. Ижарада жүрдик, көп балалыны ижараға алыўға көпшилик қыйналар еди, – дейди көп балалы ана Гаўхар Сәрсенбаева. Қызларымның да балаларын қосып бақтым. Көп қыйыншылықларды басымнан кеширдим. Балаларымның ишип-жеўи, кийими ушын ислемеген жумысым қалмады. Ҳәзирги күнде деңгене маллардың ишек-қарнын тазалап сатып күн көрис етип атырман.  3-қабаттан 1 бөлмели жай берди. Енди ижараға пул төлемеймиз, коммуналлық төлемлеримизди төлеп отырамыз. Усындай жақсылықты рәўа көрген Елбасшымыз бахтымызға аман болсын.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы