Қарақалпақстан Республикасы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң мәлим етиўинше, ҳәр жылы Дубай шейхлары Қарақалпақстанға аў мәўсимин өткериў ушын келеди ҳәм елимиздиң Қызыл китабына киргизилген қуслар ҳәм ҳайўанларды рухсатнама тийкарында келип аўлап турады. Олар өзиниң шаңарақ ағзалары, аспазлары, аңшылары, хызметкерлери жәми жүз, жүз елиў адам менен шатыр қурып белгили бир ўақыт аралығында елимизде аў мәўсимин өткерип турады. Араблар тийкарынан аңшы қус – лашын менен туўалақ қусын аўлаўды ата дәстүр етип алған.
Мәлим болыўынша, аўшы-шейхлар көзлери бекитилген лашын қусты қолына қондырып алып, туўалақты көрген ўақытта көзин ашып жибереди ҳәм сол тақылетте туўалақлар аўланады. Айырымлар араблардың бул қусты аўлаўын Патшалар аўы, өзлериниң әўладтан әўладқа өтип киятырған әййемги дәстүри десе, базылар туўалақ қусының гөши менен сүйегиниң инсан саламатлығын тетиклестиретуғын, адам организминиң қуўатын асыратуғын қәсийетке ийе екенлигин тастыйықлайды.
Туўалақ қуслары Қарақалпақстанның Үстирт тегислигинде, Қызылқумның қубла шығысында, Зарафшан, Сурхандәрья, Шерабаддәрьялардың төменги бөлимлеринде, Мырзашөл ҳәм Далварзин шөли, Нурата таў етеклеринде көп гезлеседи.
Туўалақ Үстиртте уялап, жылдың жыллы мәўсимлеринде усы жақта болады. Қыста жыллы жақларға ушып кетеди. Бул қуслар жеке ҳәм топар болып он бир данаға шекем ушып жүреди.
Туўалақ қусы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 20-октябрьдеги «Биологиялық ресурслардан пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўында рухсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиў тәртиби ҳаққында»ғы 290-санлы қарарына муўапық жоқ болып кетиў қәўпи астында турған қус түрлериниң қатарына киргизилген болып, шет ел пуқаралары ҳәм юридикалық шахслар ушын бул қуслардың бир данасы миллий валютамыздың сол күнги курсы менен есапаланып 6000 АҚШ доллары муғдарында белгиленген.
Дәреклерде араблар аң аўлаўда қатаң тәртиплерге бойсынатуғыны ҳаққында айтылады. Яғный, браконьерлер және басқа аўшылар сыяқлы көз тоймаслық етпей, тек белгиленген муғдарда ғана аң аўлаўды әдет еткен. Олар бул қуслардың жоқ болып баратырғанын жақсы түсинеди. Сонлықтан олар туўалақты жер жүзинде көбейтиўдиң тәрепдары. Бул мақсет жолында олар көп муғдарда қаржы ажыратып басқа мәмлекетлерде ҳәм өзлериниң еллеринде де питомниклер шөлкемлестиреди. Бизиң елимизде бундай питомниклер Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында бар. Араблардың бул қусты аўлаўға итибары соншелли, аң пайытында олжасына бийтаныс адамның нәзери түскенин мақул көрмейди.
– 2016-жылы мен елимизге туўалақ аўлаў ушын келген араблар менен жолдас болдым. Яғный автомашинада оларды белгиленген мәнзилине жеткерип қоятуғын едим, – дейди Нөкис қаласы турғыны Қурал Қапесов. – Мийманлар оғада адамгершиликли, мәдениятлы, ҳадаллықты сүйетуғын, оғада тәртип-интизамлылы адамлар екен. Олар тағам таярлаўға оғада итибарлылық пенен қарайды. Тағам писирилип атырса, оның қандай ҳайўанның гөшинен таярланып атырғанын сорайды. Ал, олардың аспазлары писирген тағамлары оғада мазалы болады.
Еслетип өтемиз, 2015-жылы Қарақалпақстан Үстиртинде туўалақ қусын аўлаўға Дубайдың мийрасхор шаҳзадасы, шейх Ҳамдан бин Муҳаммед әл-Мақтум да келген еди.
Интернет мағлыўматларына қарағанда, туўалақты Араб Әмирлиги шейхлары Қазақстан Республикасы аймағынан да аўлап турады.
Төменде Дубай шейхлары тәрепинен Интернет тармағына жайластырылған Қарақалпақстанда өткерилген аў сапарына байланыслы фотоларды тамаша етиўиңиз мүмкин:
Мөлдир ИГИЛИКОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы