Бүгин Нөкис қаласында  ишки ислер органлары таяныш пунктлериниң 247  профилактика инспекторына заманагөй хызмет турақ жайларының ҳәм жеңилликли кредит тийкарында автомашиналардың гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды. Усы мәресимде және профилактика инспекторлары өзлери хызмет атқарып атырған аймақта халықтың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ушын салтанатлы ант қабыллады.

Президентимиздиң усы жыл 20-апрельдеги «Ишки ислер органлары таяныш пунктлериниң профилактика инспекторларын хызмет турақ жайлары менен тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде профилактика инспекторлары заманагөй хызмет турақ жайы ҳәм жеңилликли кредит тийкарында автомашиналар менен тәмийинленбекте. Атап айтқанда, усы жыл сентябр айында 125 профилактика инспекторына заманагөй хызмет турақ жайы ҳәм жеңилликли кредит тийкарында автомашина тапсырылған еди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-апрельдеги «Ишки ислер уйымларының жумыс нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, жәмийетлик тәртипти, пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды тәмийинлеўде олардың жуўапкершилигин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ишки ислер уйымлары системасында түпкиликли реформалардың жаңа басқышын баслап берди. Ҳәр ҳәптениң пийшембиси елимизде «Профилактика күни» деп жәрияланыўы, олардың халықтың арасына терең кирип барыўына, жынаятшылықтың ерте алдын алыўға хызмет етпекте. Усының нәтийжесинде, быйылғы жылдың өткен айлары даўамында республикамыз аймағындағы 107 пуқаралар жыйынында  улыўма жынаят жүз бермеген болса,  165 мәҳәлледе жынаятлар санының кемейиўине ерисилди.

Салтанатлы мәресим республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйледи.

Илажға Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Н.Йўлдашев, Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министри П.Бабажанов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.